Самарқанд қаласында 26-август күни «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалы басланды.

Шығыс гәўхары, жер жүзиниң дүрданасы Самарқанд байрамлар қушағында. Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы ҳәм «Шарқ тароналари» халықаралық музыка  фестивалына көрилген таярлық қалаға және де пайыз ҳәм шырай қосқан. Көше ҳәм қыябанлар, майданларда егилген түрли гүллер, жоллар шетиндеги рәңбе рең байрақлар  инсанға руўх бағышлайды. Сулыў бағ ҳәм қыябанлардың саўлаты өзгеше.

Уллы  жипек жолының кесилиспесинде жайласқан, Батыс ҳәм Шығысты байланыстыратуғын Самарқанд бурыннан  саўда-сатық ҳәм экономикалық қатнасықлар емес, ал ағартыўшылық орайы да болған. Соның ушын да ҳәмме дәўир ҳәм заманларда адамлар Самарқандқа талпынған, оның гөззалығын, илим- ағартыўшылығын көргиси келген.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң бул  уллы қалаға меҳри, жоқары итибары себепли Самарқанд бүгин Жаңа Өзбекстанның туризм дәрўазасына айланбақта ҳәм ески кент жер жүзилик туризм бизнеси орайлары қатарына қосылмақта. Халықаралық дипломатияда болса «Самарқанд руўхы» деген түсиник пайда болды ҳәм бул мәмлекетлер, халықлар арасындағы дослық, кеңпейиллик, аўызбиршиликти көрсетпекте.

«Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалы болса әне, усы руўх, жақсы мақсетлерди көрсетиўи менен бүгин Самарқандқа ғана тән қәдирият дәрежесине көтерилди ҳәм қысқа тәнепистен кейин және  гөззал қалаға қайтты.
























Дүньяда көркем өнер ҳәм мәденият бағдарында көплеген фестивальлар, таңлаўлар өткерилсе де олардың көпшилиги белгили бир  ўақыттан кейин тоқтап қалыўы, умытылып кетиўи мүмкин. Бирақ «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалы ҳаққында бундай деп айтыў дурыслыққа келмейди. Шөлкемлестирилгенине 27 жылдан асып  атырған ҳәм усы ўақытқа шекем он еки мәрте өткерилген көркем өнер фестивалы дүнья халқының өз-ара мәдений қатнасыққа болған турмыслық мүтәжлигин  әмелге асыратуғын қурал болып хызмет етпекте. Бүгинги қыйын дәўирде инсанларды тынышлық, бирге ислесиўге шақыратуғын ҳәм оны әмелде көрсететуғын  жақсылық  минберине айланбақта. Фестиваль ЮНЕСКО ҳәм басқа абырайлы халықаралық шөлкемлердиң тийкарғы илажлары бағдарламасынан орын алғаны, олар тәрепинен белсене қоллап-қуўатланып атырғаны да оның дәрежеси қаншелли жоқары екенлигинен дәрек береди.

Президентимиздиң басламасы менен быйыл «Шарқ тароналари» XIII халықаралық музыка фестивалын өткериўге қарар етилди ҳәм усы көркем өнер байрамына ҳәр қашанғыдан да жоқары дәрежеде таярлық көрилди. Дүньяның сексенге шамалас  мәмлекетиниң ўәкиллери фестивальда қатнасқысы келетуғынын билдирди. Сондай-ақ, абырайлы халықаралық шөлкемлердиң басшылары, белгили мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери ҳәзирги ўаққыта Самарқандта болып турыпты.

26-август , саат 19.00. Регистан майданы абырайлы көркем өнер әнжуманына таяр. Көк гүмбезлер рәңбе рең шырақлар астында жарқырайды. Майдан ҳәм сахна әтирапындағы гүллердиң ийси жағымлы болып шығып турыпты. Амфитеатр да «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалының ашылыў мәресимине жыйналған адамлар менен толған.

Фестивальдың қатнасыўшылары Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти қоллап-қуўтлаўлар менен күтип алды.

Сөз Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа берилди.

Мәмлекетимиз  басшысы «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалының  қатнасыўшылары ҳәм мийманларын қутлықлап екен, усы фестивальдың мазмун-мәнисине, жер жүзинде тынышлық ҳәм миллетлераралық татыўлықты тәмийинлеўдеги әҳмийетине тоқтап өтти.

– Он үшинши мәрте өткерилип атырған бул әнжуман «Шарқ тароналари» деп аталса да, бүгинги күнде ол мәнис-мазмунына бола, «Жаҳон тароналари» фестивалына айланғанына ҳәммемиз гүўамыз. Бул ҳақыйқатты биринши фестивальда 31 мәмлекеттиң ўәкиллери қатнасқан болса, быйыл барлық континентлердеги 80 ге шамалас  мәмлекеттен 400 ден аслам көркем өнер ийелери ҳәм илимпазлар қатнасып атырғаны да тастыйықлайды, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Атап  өтилгениндей, бүгинги тыныш емес ҳәм қәўипли заманда бурынғы қәдириятларды, адамгершилик келбетин сақлап қалыў барған сайын қыйын болып бармақта. Мине, усындай қыйын жағдайда иләҳий күшлерден күш-қуўат алып, ўақыт ҳәм мәкан шегараларына гуманизм идеалларын көрсететуғын негизги көркем өнер, музыка ҳәм әдебият мәдеткар күш болып ортаға шығыўы зәрүр.

Сол  себептен, «Шарқ тароналари»ның жер жүзинде тән алыныўы тегин емес. Сондай-ақ, елимизде мәденият, көркем өнердиң раўажланыўы бир неше мың жыллық тарийхқа барып тақалады ҳәм бүгинги музыка әнжуманлары, фестиваль ҳәм исбилерменлер әне, усы ески тамырлардан азықланады, күш алады.

Мәмлекетимиз басшысы атап өтилгениндей, бизиң халқымыз бурыннан көркем өнерге меҳир ҳәм ықлас қойып жасайды, музыканы инсан руўхының иләҳий күши деп биледи. Уллы Шығыс  ойшыллары музыка илими ҳәм тарийхы, макам көркем өнери, музыка әсбаплары ҳаққында әжайып қосықлар дөреткен. Биз ҳәммемиз мине, усындай мәңги мәдений мийрастың мийрасқорларымыз.

Әбиў Наср Фарабий «Музыка ҳаққында үлкен китап» шығармасында  сеслердиң  келип шығыўы, қосықлардың үйлесиўи, ритм өлшемлери ҳәм түрлерин шолып берген. Әбиў Әли ибн Сино «Медицина нызымлары» китабында жүрек, нерв кесселиклерин музыка қуралында емлеў жақсы  нәтийже беретуғынын атап өткен. Кәмил Хорезмий Хорезм нотасын дөретип, «Рост» макамының   кирис бөлимин усы нотаға түсирген.

Әмир Темур дәўиринде илим ҳәм көркем өнердиң барлық тараўлары қатарында музыка ҳәм қосықшылық та жоқары дәрежеде раўажланған. Самарқандта түрли регионлардан келген қосықшылар  жыйналған. Музыка кешелери өткерилген.

Тарийхшы Шарафиддин Әлий «Зафарнама» шығармасында Әмир Темур сарайында өткерилетуғын халықаралық  макам көркем өнери, бақсышылық өнери, өнерментшилик фестивальлары, фольклор ҳәм аяқ ойын көркем өнери бойынша «Уллы жипек жолы», «Лазги» халықаралық фестивальлары, Ташкент халықаралық кинофетивальлары сыяқлы ири мәдений илажлар да қысқа ўақыт ишинде кеңнен ғалаба ен жайды, халықаралық майданда  тән алынбақта.

Президентимиз өзиниң шығып сөйлеген сөзи даўамында «Шарқ тароналари» фестивалының  тарийхы ҳәм дәстүрлерин, Шығыстың бай ҳәм рәңбе рең музыкалық мәдениятына байланыслы мағлыўматларды өзинде жәмлейтуғын айрықша энциклопедия ҳәм оның виртуал түри – көп тармақлы мәлимлеме платформасын жаратыўдың ўақты келгенин атап өтти.









Соның менен бирге, елимизде қәлиплескен унамлы тәжирийбеден келип шыққан ҳалда,  усы әнжуманның көлеми ҳәм көркемлигин және де арттырыў мақсетинде, «Шарқ тароналари» фестиалының халықаралық «Дослар клубы»н шөлкемлестириў, сондай-ақ, фестиваль жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелериниң қатнасыўында дүнья мәмлекетлериниң абырайлы сахналарында үлкен концерт  бағдарламаларын көрсетиў усынысларын  билдирди.

Сахнада өзбек миллий қосықлары, туўысқан халықлар қосықлары жаңлайды. Жәҳән  музыка ҳәм қосықшылық көркем өнери дүрданалары атқарылады, заўықлы аяқ ойынлар кеўиллерге руўх бағышлайды. Тамашагөйлер бул қосықларға  ойнайды.

Тил ҳәм аўдарма таңламайтуғын қосықлар кеўиллерге кирип барады. Ҳәр бир инсанды, ол қайсы ел, қайсы миллет, қайсы дин ўәкили болыўына қарамастан, көркем өнер арқалы бир-бирине жақынластырады, досластырады.

Фестивальдың абырайы ҳәм  көлеми жыл сайын артып бармақта. Көплеген мәмлекетлер, халықаралық мәденият шөлкемлери, белгили көркем өнер ғайраткерлери онда қатнасыў тилегин билдирмекте. Ҳәзирги ўақытқа шекем «Шарқ тароналари»нда дүньяның 120 дан аслам мәмлекеттен ўәкиллер қатнасқан.

27-29-август күнлери халықаралық музыка фестивалы қатнасыўшыларының таңлаўда шығыўлары көрсетиледи. Олардың бағдарламалары халықаралық  төреши тәрепинен профессионал (классикалық) дәрежедеги халық музыкасы ҳәм қосық бағдары және заманагөй музыка ҳәм қосық  бағдары бойынша баҳаланады. 30-август  күни фестиваль жеңимпазларын ҳәм сыйлы орын  ийелерин сыйлықлаў мәресими ҳәм олардың қатнасыўында концерт бағдарламасы көрсетиледи.

Фестиваль қатнасыўшылары Регистан майданындағы тийкарғы сахнада таңлаўда қатнасыў менен бирге Самарқанд қаласы ҳәм Самарқанд, Пайариқ, Ақдәрья, Тайлақ, Пастдарғом районларындағы театрлар, мәденият ҳәм дем алыў бағларында концерт бағдарламасын  көрсетеди.

Дәстүрге бола,  фестиваль шеңберинде «Шығыс халықлары музыка мәденияты: глобалласыў процеслеринде дөретиўшилик үйлесиў принциплери» темасында халықаралық илимий-әмелий конференция өткериледи.

Онда музыкатаныўшы илимпазлар, илимий-изертлеў орайларының илимпазлары, музыка бағдарындағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары ҳәм изертлеўшилердиң қатнасыўы күтилмекте.

Быйылғы конференция алдынлары сыяқлы жалпы мәжилистен ибарат болып қалмастан,  үш секторға бөлинген ҳалда жумыс алып барады. Сектор мәжилислери даўамында  миллий  классикалық  шығармалар, макам дәреклери ҳәм халқымыздың дүрдана шығармалары белгили көркем өнер ийелери  тәрепинен жанлы ҳаўазда атқарылып, шеберлик сабақлары өткериледи. Сондай-ақ, конференция шеңберинде биринши мәрте  Түркий мәмлекетлер шөлкеми жанындағы Түрк дүньясы  көркем өнери ҳәм  музыка университетлери аўқамының мәжилисин өткериў нәзерде тутылмақта. 2022-жылы шөлкемлестирилген бул аўқамға  түркий мәмлекетлердеги оннан аслам жоқары билимлендириў мәкемелери ағза есапланады.

Фестиваль шеңберинде Регистан майданы жанындағы Өзбекстан Көркем өнер академиясы  Самарқанд филиалы көргизбелер залында миллий музыка әсбапларының көргизбеси өткериледи.

Көркем өнер байрамының қатнасыўшылары ҳәм мийманлары Самарқандтың сийрек ушырасатуғын тарийхый естеликлерин зыярат етиў, тыныш ҳәм абадан базарларымызды көриў, ғәрезсизлик жылларында әмелге асырылған дөретиўшилик жумыслар ҳәм миймандос халқымыздың қәдирият, дәстүрлери менен танысыў имканиятына ийе болады.

Салтанатлы мәресим елимиз көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың кеўилли қосықлары менен даўам етти. Самарқанд аспаны салютлар менен нурланып, «Шарқ тароналари» музыка фестивалының қосықлары алыс-алысларда жаңлады.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Ғолиб ҲАСАНОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары