Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексине киргизилип атырған өзгерис ҳәм қосымшаларға бола, жумысқа қабыллаў ўақтында жумысқа кирип атырған шахслардан талап етилетуғын ҳүжжетлер дизими қысқартылмақта. Атап айтқанда, мәлимлеме системаларынан алыў имканияты жаратылғаны ушын мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм хожалық бирлеспелери тәрепинен шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжетлер ҳәм мийнет дәптершелерин ҳәм жыйналып барылатуғын пенсия дәптершесин талап етиў бийкарланбақта.
Бул тәртиплерди өз ишине алған «Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексине өзегерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Халық демократиялық партиясы фракциясының мәжилисинде биринши оқыўда көрип шығылды.
Додалаўларда фракция ағзалары нызам жойбары менен партия электораты ушын бир қатар жеңилликлер берилип, артықша әўерегершиликлердиң алды алынып атырғанын атап өтти. Жойбарды және де жетилистириў бойынша өз пикир-усынысларын берди.
Мәжилисте сондай-ақ, «Халықаралық мийнет шөлкеминиң ҳақы төленетуғын дем алыслар ҳаққындағы 132-санлы Конвенциясын (Женева, 1970-жыл 24-июнь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам жойбары да додаланды. Бул Конвенцияның тийкарғы мақсети – барлық ислейтуғын хызметкерлерге дем алыў ҳәм ислеў қәбилетин тиклеў ушын жумыс орны (лаўазымы) ҳәм орташа мийнет ҳақы сақлап қалынған ҳалда хызметкер жумыстан босатылатуғын, хызметкерге ҳәр жылы жумыс жылы даўамында берилетуғын дем алысларды тәмийинлеўден ибарат.
Конвенцияның ратификацияланыўы миллий нызамшылықты және де жетилистириўге, Халықаралық мийнет шөлкеминиң ҳүжжетлеринде белгиленген мийнет ҳуқықларын, соның ишинде, дем алыў ҳәм ҳақы төленетуғын дем алыслардан пайдаланыў ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша халықаралық стандартларды нәтийжели енгизиўге хызмет етеди.
ӨзА