БМШтың турақ жай ҳуқықы бойынша арнаўлы баянатшысы Балакришнан Ражагопал Судьялар жоқары кеңеси жанындағы Судьялар жоқары мектебине барды.
Ушырасыўда БМШтың түрли институтлары тәрепинен мәмлекетимизде пуқаралардың жеке меншик мүлкке болған конституциялық ҳуқықларын беккемлеўге айрықша итибар қаратылып атырғаны атап өтилди. Бул бағдарда Судьлар мектебинде де салмақы жумыслар исленбекте.
Илажда мәмлекетимизде халықты турақ жай менен тәмийинлеў бағдарында кейинги жыллары әмелге асырылған ҳәм келешекте ислениўи керек болған ўазыйпалар ҳаққында да пикир жүргизилди. Атап айтқанда, жақын келешекте аймақларда 100 мың шаңараққа мөлшерленген көп қабатлы жайлардың қурылысы, буның ушын ипотека кредитлерин қаржыландырыўға кеминде 17 триллион сум қаратылатуғыны айтып өтилди. Турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж болған шаңарақларға өзиниң турақ жайларын қурыў ҳәм оңлаў ушын 20 жыл мүддетке ипотека кредитлери берилетуғыны атап өтилди.
Мағлыўматларға бола, 2020-2023-жыллар даўамында Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман)не турақ жайлар менен байланыслы мәселелерде пуқаралардан 5 мыңнан аслам мүрәжат келип түскен. Бул мүрәжатлердиң көрип шығылыўының нәтийжесинде пуқаралардың пайдасына 1 миллиард 305 миллион сум компенсация қаржылары өндирилген.
Илажда бул мәселелердиң шешилиўинде маман судьялардың үлеси үлкен екени атап өтилди. Ҳуқықы бузылған пуқаралардың машқаласына шешим излеп баратуғын ең ақырғы мәнзили бул суд болады. Солай екен, усындай әҳмийетли жумыслардың өз шешимин табыўында жәмийет билимли судьялардың жәрдемине бәрқулла мүтәжлик сезеди.
БМШтың баянатшысы Балакришнан Ражагопал Судьялар жоқары мектеби тыңлаўшыларының жеке меншик мүлкке байланыслы ҳуқықый билимлерин жоқары баҳалады ҳәм халықты мүнәсип турақ жайлар менен тәмийинлеў, олардың ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша усыныс ҳәм пикирлерин билдирди.
Н.Абдураимова, Н.Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА