Өзбекстан ҳәм Египет арасында стратегиялық шерикликке тийкарланған қатнасықлар еки мәмлекет Президентлериниң сапарлары ҳәм турақлы байланыслары нәтийжесинде мазмун ҳәм сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилип бармақта.

Бул Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Египет Араб Республикасы Сенаты арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў мақсетинде парламентлераралық дослық топарларының биринши видео байланысы болып өтти.

Сөйлесиў даўамында еки мәмлекет арасындағы қатнасықларды саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық тараўларда ҳәм парламентлераралық бағдарларында және де раўажландырыў ҳәм бирге ислесиў көлемин кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Тәреплер улыўма тарийхый, мәдений қәдириятлар ҳәм үрп-әдетлердиң уқсаслығы еки мәмлекеттиң өз-ара байланысларының тийкарғы факторы болып хызмет етип атырғанын атап өтти. Мәдений-гуманитарлық байланысларды илим, билимлендириў, сийрек ушырасатуғын қол жазбаларды илимий үйрениў, медицина, туризм, мийманхана хызметлери бағдарларында өз-ара пайдалы жойбарларды әмелге асырыў зәрүрлиги додаланды.

Египет тәрепи мәмлекетимизде быйылғы жылы болып өтетуғын әҳмийетли сиясий илаж – парламент сайлаўында табыслар тилеп, онда халықаралық бақлаўшылар сыпатында қатнасыўға таяр екенин билдирди.

Сөйлесиў даўамында еки мәмлекет басшылары арасында ерисилген жоқары дәрежедеги келисимлердиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде системалы парламент қадағалаўын орнатыў бағдарында келисимге ерисилди.

Гезектеги парламентлераралық дослық топары мәжилисиниң орны, сәнеси ҳәм күн тәртиби мәселелерин дипломатиялық каналлар арқалы муўапықластырыўға келисип алынды.

Н.Абдураимова, ӨзА