Метрология бағдарында соңғы бес жылда әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде мәмлекетимиздеги Миллий эталонлар саны 3 есеге артты. Санаат тармақларында өлшеў қуралларын калибрлеўге қамтыўы болса 78 процентке жеткерилди. Сырт мәмлекетлерде өлшеў қуралларын калибрлеўге жумсалған валюта муғдары 4 есеге қысқарды. Сондай-ақ, санааттың  жедел раўажланыўы есабынан анық өлшеўлерге болған мүтәжликтиң артып барыўы нәтийжесинде турақлы түрде метрологиялық лабораторияларды жетилистирип барыў бойынша бир неше илаажлар алып барылмақта.

Жақында Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги директоры Акмал Жуманазаров ҳәм Саудия Арабстанының “ACWA Power” компаниясының жуўапкерлери арасында улыўмалық баҳасы 1,7 миллион долларды қурайтуғын инвестициялық жойбар бойынша меморандумға қол қойылды. Бул меморандумнан мақсет Қарақалпақстан Республикасында қайта тиклениўши (самал ҳәм қуяш) электр станцияларында қолланылатуғын өлшеў қуралларын калибрлеў хызметлерин енгизиў болып есапланады.

Соның ушын, Өзбекстан милллий метрология институтының Қарақалпақстан Республикасы филиалы тийкарында жоқары анықлықтағы заманагөй өлшеў қураллары менен үскенеленген лабораториялар комплекси шөлкемлестириледи. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан миллий метрология институтының Қарақалпақстан Республикасы филиалы ушын халықаралық усынысларға тийкарланып зәрүрли инфраструктураға ийе лабораториялар комплекси пайдаланыўға тапсырылмақта.

Мағлыўмат орында айтып өтиў керек, “ACWA Power” компаниясы Аралбойы регионында жылына 18,5 мың ГВт саатқа шамалас таза энергия ислеп шығарыўшы самал электр станцияларын қурыў режелестирилген. Бул жойбар бес басқышта әмелге асырылады, бул болса Өзбекстанның таза энегрияға өтиў стратегиясына ерисиў жолындағы әҳмийетли қәдеми болып есапланады.

Ш.Маматуропова,  ӨзА