Өзбекстан Республикасы Президенти «Салы жетистириўшилердиң жумысын қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарарды қабыл етти.

Оған муўапық, 2024-жыл 1-сентябрьден баслап фермер, дийқан хожалықлары ҳәм басқа да  өним жетистириўшилерге салы жетистириў ҳәм сатып алыў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 15-декабрьдеги «Мийўе-овощ жетистириў тараўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, тармақта кластер ҳәм кооперация системасын және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-52-санлы қарарында белгиленген шәртлерде жеңилликли  кредитлер ажыратылады.

Онда:

а) салы сатып алыў бойынша шәртнамалар салыгершилик кластерлери менен фермер хожалықлары  арасында  Аўыл хожалығы министрлигиниң «Агроплатформа» мәлимлеме системасы арқалы дүзиледи;

б) 2025-2026-жылларда аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен салы егиў ушын сатып алынған ҳәм ислеп шығарылғанына бир жылдан артпаған жаңа туқым сеялкалары және нәллеп егиў үскенелери баҳасының 20 проценти Мәмлекетлик бюджеттен субсидиялар ажыратыў арқалы қаплап бериледи;

в) Хорезм ўәлаятында салы жетистириўши аўыл хожалығы кәрханаларының жумысын қоллап-қуўатлаў ушын Мәмлекетлик бюджеттен оларға төмендеги қосымша субсидиялар ажыратылады:

салы жетистириў ушын ҳәр бир гектар лазерли тегисленген майданға жумсалған жанылғы майлаў материаллары қәрежетлериниң 100 процентин, бирақ бир гектар ушын улыўма қәрежет муғдарының 1 миллион сумнан артық болмаған бөлимин  қаплаў ушын;

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 1-марттағы «Аўыл хожалығында суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-144-санлы қарарында белгиленген муғдарларда заманагөй суў үнемлейтуғын технологияларды енгизиў менен байланыслы қәрежетлердиң бир бөлегин қаплаў ушын.

Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги Корея Республикасының «KOPIA» орайы менен биргеликте Гүрлен районында жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер түринде салы элита туқымшылық орайлары шөлкемлестириледи.

Салыгершилик илимий-изертлеў институты менен биргеликте туқымгершилик орайларында жоқары әўладлы туқымгершиликти көбейтиў жолға қойылады;

туқымгершилик  орайлары жоқары әўладлы туқымгершиликти карантин қадағалаўынан өткерилген  сырт  елли компаниялардан ямаса Салыгершилик илимий-изертлеў институтынан қабыл етеди ҳәм көбейтиўди шөлкемлестиреди;

туқымгершилик  орайларына салының элита әўладлы туқымгершилигин жетистириў ушын нызамшылық  ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте жер майданлары ажыратылады;

туқымгершилик орайлары тәрепинен туқымлық салыны тазалаў, таңлаў ҳәм қадақлаў жумыслары  әмелге асырылады.

Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайы менен Филиппин Халықаралық  салыгершилик илимий –изертлеў институты арасында турақлы бирге ислесиў қатнасықлары орнатылады. Салының шорға, қурғақшылыққа шыдамлы  ертеписер линиялар  ҳәм халықаралық стандартларға сәйкес сортлардың туқымлары алып келинип, Хорезм ўәлаятының топырақ-климат шараятында турақлы сынақлардың өткерилиўи жолға қойылады.

Онда:

сырт елли ҳәм жергиликли генофондтан нәтийжели пайдаланған ҳалда, салының жаңа сортларын  жаратыў системасы және де жетилистирилип, усы тараўға алдынғы халықаралық тәжирийбелер енгизиледи;

сырт ел салы сортлары бойынша еки жыл даўамында сынақлар өткерилип, тез писер, аз суў талап ететуғын, жоқары өнимли сортлар таңлап алынады және 2027-жылға шекем таңлап  алынған сортлардың дәслепки туқымгершилиги жолға қойылады;

салыгершилик бағдарындағы халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда, туқымгершилик хожалықлары қәнигелериниң тәжирийбеси арттырылып барылады.

2024-жылдың өниминен баслап, бурынғысынан басқаша тәризде, Хорезм ўәлаятындағы 120 центнер ҳәм оннан жоқары өним алған аўыл хожалығы кәрханаларына жетистирилген салының 50 проценттен артпаған гүриш өнимин экспортқа шығарыўға руқсат бериледи.

ӨзА