Көпшилик ата-аналар перзенти алты жасқа толыўы менен оны мектепке бериўди қәлейди. Ал, бул қәншелли дурыс? Медициналық жақтан бундай балалар оқыў процесинде  қыйналып қалмай ма?

– Әлбетте, бул сораў бүгин көпшилик ата-аналарды қызықтырады, – дейди қәниге. – Билесизбе, үлкен атасы-апасы менен бирге жасайтуғын көпшилик балаларды бақласақ, олар заманласларына қарағанда оғада ақыллы ҳәм зийрек болады. Ҳәттеки, айырым алты жастағы балалардың жети жастағы ул-қызларына қарағанда бир талай оқымыслы екенине де гүўа боламыз.

Сонлықтан көпшилик ата-аналар жети жасқа толмаса да «перзентим мектепке барсын» дейди.  Бирақ, алты жаста бала қандай ақыллы болмасын, оларда пикирлеў қәбилети толық қәлиплесип үлгермейди.

Себеби жети жасқа шекем оның мийи өсиў процесинде болып, тап усы жастан кейин жетилиседи. Яғный, бул физиологиялық жағдай есапланады.

Қалаберди, бала өмириниң жетинши жылында ондағы ҳәрекетлердиң көлеми кеңейип, айқынласады ҳәм өз-ара бейимлесиў басланады. Олар өзин тутыўы, ҳәрекетлерин қадағалаў  қәбилетине ийе болады. Жети жаста дыққатты жәмлеў, жағдайды баҳалаў ҳәм қыйыншылықларға ушырағанда дурыс қарар қабыл етиўди үйренеди.

Сондай-ақ, бул жаста бала ҳәм физикалық , ҳәм руўхый жақтан өседи, қызығыўшылығы артады. Оның ақыл күши ҳәм ой-өриси раўажланады. Материаллық болмысты аңлаўға умтылады. Сондай-ақ, бул жаста оларда гигиеналық тәжирийбелер қәлиплеседи. Сонлықтан Өзбекстан Республикасының «Билимлендириў ҳаққында»ғы нызамында да улыўма орта  билимлендириў шөлкеминиң биринши класына балалар жети жасқа толатуғын жылында қабыл етилетуғыны  белгиленген.

Бир сөз бенен айтқанда, ул-қызлардың мектепке жети жастан барыўы тек ғана  олардың жеке раўажланыўы емес, ал келешеги ушын да әҳмийетли болып есапланады.

ӨзА