Журтымызда жаз мәўсиминде мийўе, палыз өнимлери писип, дийқанларымыз халықтың дастурханын тәбийғый жемис пенен толтырмақта. Әйне писикшиликте бул өнимлерди жетистирген жер ийелери  экспорт етиў менен де шуғылланбақта.

Нөкис районы «Арбашы» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Нукус Агро» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 25 гектар майданға қаўын, ғарбыз өнимин егип, оннан жақсы өним алыўға еристи.

Рустем Жаңабергенов  басшылық ететуғын  «Нукус Агро» жуўапкершилиги шекленген жәмийети Қазақстан Республикасы Ақтаў қаласына қаўын-ғарбыз экспортын баслады. Олар быйылғы жылы 50 тонна қаўын ҳәм 100 тонна ғарбыз  экспорт етиўди режелестирмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.