Өзбекстан Республикасы Президентиниң Өзбекстан Республикасы  ғәрезсизлигиниң 33 жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққындағы қарарында буннан отыз үш жыл алдын оғада аўыр ҳәм қурамалы тарийхый жағдайда қолға киргизилген ғәрезсизлигимиз бүгинги күнде көп миллетли пүткил халқымызды Жаңа Өзбекстанды қурыўдай уллы мақсет жолында бирлестирип, жаңа табыс ҳәм шеклерге қарай  умтылдырып атырғанлығы атап өтилген. Сондай-ақ, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекетке, халықаралық ҳуқықтың толық субъектине айланған елимиз  жер жүзиндеги түрли мәмлекетлер ҳәм халықлар менен дослық ҳәм бирге ислесиў байланысларын барған сайын кеңейтип, мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы орны ҳәм абырайы артып баратырганлығы көрсетилип өтилген. Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллық даңқлы сәнесин ҳақыйқый улыўмахалықлық байрам сыпатында көтериңки кейпиятта күтип алыў ҳәм мәмлекетимиздиң бүгинги раўажланыў дәрежеси, жоқарылаў пәтлерин мүнәсип тәризде белгилеў мақсети, ўазыйпалары, байрам илажларының өткерилиў бағдары анық белгилеп берилген.

Қарардың 4-бәнтинде Ўатанымыздың миллий ғәрезсизлиги, халқымыздың азатлығы ушын гүресип, усы жолда жанын пидә еткен, тоталитарлық дүзим дәўиринде сиясий репрессия қурбаны болған ата-бабаларымыздың естелигин еске алыў бойынша белгиленген илажларды әмелге асырыў ўазыйпасы да көрсетилип өтилген.

Ўатанымыздың миллий ғәрезсизлиги, халқымыздың азатлығы ушын гүресип, усы жолда жанын пидә еткен, сиясий репрессия қурбанлары болған ата-бабаларымыздың өмири ҳәм жумысын толық үйрениў ҳәм изертлеў, олардың атларын ҳәм естелигин мәңгилестириў бойынша кейинги жыллары елимизде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, 2021-2024-жыллар даўамында Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды тәрепинен 1 мың 200 ден аслам сиясий репрессия қурбанларының атлары ақланды.

Сондай ақ, ХIХ әсирдиң ақыры ХХ әсирдиң басларында Түркистанда пайда болған Жәдидлик ҳәрекетиниң тийкарғы мақсети-жәмийеттиң раўажланыўы ушын зәрүр болған барлық тараўларда жаңа идеяларды енгизиўден мбарат болған. Бүгүнги күнде Өзбекстанда еркин пуқаралық жәмийети, ҳуқықый демократиялық мәмлекетти беккемлеўде  Жәдидлердиң гуманистлик  ағартыўшылық  идеялары- пикирлерине, руўхый күш-қуўат дәреги ретинде айрықша итибар қаратылмақта.

2023-жыл 6-7 март күнлери  Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Репрессия қурбанларын еслеў мәмлекетлик музейи, Түркий мәмлекетлер шөлкеми, Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы ҳәм тағы басқа шөлкемлер, мәкемелер менен биргеликте “Жәдидлердиң билимлендириў жумыслары: идеялары, мақсетлери, ўазыйпалары ҳәм Түркстанның раўажланыўына қосқан үлеси” атамасындағы халық аралық илимий-әмелий конференциясы, 2023-жылдың 11-12-декабръ күнлери “Жәдидлер: миллий өзлик, ғәрезсизлик ҳәм мәмлекетшилик идеялары” атамасында Миллий масс-медианы қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў жәмийетлик фонды, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Репрессия қурбанларын еслеў мәмлекетлик музейи, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Тарийх институты ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкеми менен биргеликте конференция өткерилген еди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев усы халық аралық илимий конференция қатнасыўшыларына жиберген қутлықлаўында  ағартыўшы ата-бабаларымыздың ибратлы ислери, олардың бай мийраслары, өзиниң қуны ҳәм әҳмийетин еле жоғалтпай киятырғанын, Түркий тиллес мәмлекетлер ҳәм халық аралық шөлкемлердиң ўәкиллери, белгили сырт ел илимпазлары менен биргеликте терең изертлеў ҳәм үгит-нәсиятлаў зәрүр екенлигин атап өтип,  өз мәнис итибарына бола сийрек ушырасатуғын жәмийетлик-сиясий феномен болған Жәдидшилик идеясының қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўына байланыслы дүняның бир қатар мәмлекетлеринде көплеген изертлеўлер алып барылып атырған болса да, бул ҳәрекет ўәкиллериниң Орайлық Aзия аймағында миллий мәмлекетшилик ҳәм регионаллық өзгешеликти, пуқаралық жәмийетиниң раўажланыўына қосқан үлкен үлесин концептуаллық ҳәм системалы тийкарда ҳәр тәреплеме үйрениўди әҳмийетли мәселе етип қойған еди.

Президентимиздиң усынысы ҳәм ҳүкиметимиз қарары менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қурамындағы Репрессия қурбанларын еслеў музейинде жәдидлерге арналған экспозиция, өз алдына көргизбе шөлкемлестирилди. Онда  Шымбай қаласында 1900-жылы қурылған биринши мектеп, 1907-жылы Хожелиде Әўезжан хожаның ҳәўлисинде Ҳисметулла Латипов ашқан биринши таза усыл мектеби, 1909-жылы әзербайжанлы Юсуф Аҳмедов тәрепинен шөлкемлестирилген таза усыл мектеби, 1912-жылы Қоңырат қаласында С.Мажитов басшылығындағы жәдид мектеби ҳаққында мағлыўматлар, С.Мәжитовтың “Егеделер саўаты” сабақлығы (1925-жыл), С.Мәжитов тәрепинен дүзилген “Әлипбе” (1925-жыл), “Erkin Qaraqalpaq” газетасының  1925-жылғы № 4, 9/39-санларының сүўретлери, Анъами шарийф (Қуранның жетиден бири) араб тилиндеги Ҳафтияк, китап оқыўда қолланылатуғын Лаўҳ, жәдидлер хызметлерине арналған китаплар орын алған.

Елимиз ғәрезсизлигин, миллий қәдириятларымызды қәстерлеп сақлаў, ата-бабаларымыздың ел-журт ушын ислеген мийнетлерин еслеп, ҳүрметлеў ҳәр биримиздиң әдиўли миннетимиз болып табылады.

 

Әлишер ҚУДИЯРОВ,

ҚМУ қурамындағы Репрессия

қурбанларын еслеў музейи директоры,

Аңсатбай ӘЛИМБЕТОВ,

ҚМУ дың археология кафедрасы доценти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги