Усы жыл 24-август күни Өзбекистан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясының қоспа мәжилиси болып өтти.
Мәжилисте атап өтилгениндей, ҳәзирги күни Қарақалпақстанда 30 ға шамалас туристлик хызмет көрсетиўге ҳуқық бериўши лицензияға ийе мәкемелер дизимге алынған. Солардан туристлик хызмет көрсетиўши (турагентлик ҳәм туроператорлық) 7 фирма ҳәм 23 мийманхана ҳәм жайласыў орынлары жумыс ислемекте. Өткен жылдың биринши ярым жыллығында мийманханаларымызда 2461 туристке хызмет көрсетилген болса, быйылғы жылдың усы дәўиринде 3052 туристке хызмет көрсетилген.
Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта республикамызда 285 материаллық-мәдений мийрас объектлери мәмлекетлик қорғаўға алынып қайта тастыйықланған. Солардың 131 и археологиялық, 25 и архитектуралық объектлер, 89 ы монументал ҳәйкеллер ҳәм бюстлер болса, оннан басқа 40 дыққатқа ылайық орынлар да дизимге алынған.
Мәжилисте депутатлар, партия белсендилери баянатлар бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди ҳәм көрип шығылған мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги