Мәмлекетимизде туризмди раўажланлырыў бойынша  кең көлемли жумыслар алып барылып, бир қанша жетискенликлерге ерисилип, туристлердиң елимизге келиў ағымы кеңеймекте. Усы тийкарда туризмди басқышпа-басқыш раўажландырыў,  объектлерден орынлы  пайдаланыў ҳәм көрсетилген хызмет түрлериниң  сапасын арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылып атырғанлығы көзге тасланады.

Тақыятас районы «Дослық» мәҳәллеси аймағында  район прокуратурасының әмелий жәрдеми менен  исбилермен тәрепинен ҳәўиз бойы абаданластырылып, халық ушын дем алыў орнына айландырылмақта.

Алып барылып атырған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары нәтийжесинде балалар ҳәм үлкен жастағы мийманларға ҳәўиз бойында кеўилли дем алыў ушын барлық имканиятлар жаратылыўы нәзерде тутылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.