Жәҳән экономикалық форумы “Global Gender Gap Index”тиӊ 2024-жылғы есабатына бола, Өзбекстан 146 мәмлекет арасында 0.681 балл менен 108-орынды ийеледи. Атап айтқанда, мәмлекетимиздиӊ билимлендириў дәрежеси индикаторы бойынша 0.990 балл, денсаўлықты сақлаў индикаторы бойынша 0.959 балл менен жақсы нәтийжеге еристи.

 Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Гендер айрымашылығы индекси мәмлекетлерди төрт тийкарғы индикатор – денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, экономика ҳәм сиясат бойынша ер адамлар ҳәм ҳаял-қызлар арасындағы айырмашылықты үйренеди ҳәм мәмлекеттеги гендер теӊлиги жағдайын баҳалайды.

Барлық субиндекслер ушын мүмкин болған еӊ жоқары балл – 1 (гендер теӊлиги) ҳәм еӊ төмен балл – 0 (уйқаспаўшылық) болып есапланады.

Муҳайё Тошқораева,  ӨзА