Усы жыл 7-июль күни пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде «Ашық есиклер күни» илажлары шөлкемлестирилди.
Нөкис қаласы ҳәм районлардағы бир қатар улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары, балалар дем алыў орайларында жазғы дем алысын өткерип атырған балалар усы музейге келип, өткерилген илажларға қатнасты.
– Мен Қараөзек районынан келип «Арал» балалардың дем алыў ҳәм саўалландырыў орайында дем алып атырман. Орайда робототехника, спорт, музыка, қол өнери ҳәм музыка дөгереклери бар екен. Онда көплеген қолайлы шараятлар жаратылған. Тәрбияшыларымыз тәрепинен ҳәр күни ҳәр қыйлы әдебий ҳәм мәдений илажлар, спорт жарыслары шөлкемлестириледи. Мине, бүгин музейге саяхат шөлкемлестирилди. Биз буннан оғада қуўанышлымыз. Себеп пенен музейди де көрип атырмыз,-дейди Мийирман Толыбеков.
Илаж даўамында балаларға қәнигелер тәрепинен музей ҳәм ондағы экспонатлар туўралы кең түрде мағлыўматлар берилип, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Балаларға Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрының “Ғаздың палапаны” спектакли ҳәм шоу бағдарламасы қойып берилип, олар кеўилли дем алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.