Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы тәрепинен 3-4-июль күнлери “Уллы ата-бабалар мийрасы – Үшинши Ренессанс тийкары” темасындағы республика илимпазлары форумы өткерилди.

Әнжуманда мәмлекетимиздеги жетик илимпазлар, илим ғайраткерлери, экспертлер, жас изертлеўшилер, диний тараў ўәкиллери, сондай-ақ, тийисли министрлик ҳәм уйымлардыӊ басшылары қатнасты.

Форумда Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиӊ басламасы менен шөлкемлестирилген Ислам цивилизациясы орайы мәмлекетимиз тарийхында мәдений-гуманитарлық бағдарда биринши мәрте әмелге асырылып атырған үлкен ҳәм сийкер ушырасатуғын мегажойбар екени, бул Орай қысқа мүддетте тек ғана мәмлекетимизде емес, ал дүнья көлеминдеги белгили мәмлекетлик ҳәм сиясий, дин ғайраткерлери, белгили илимпазлар, кеӊ жәмийетшиликте үлкен қызығыўшылық оятқаны ҳәм олар тәрепинен жоқары тән алынып атырғаны айрықша атап өтилди.

Форум шеӊберинде өткерилген илимий-әмелий семинарларда қатнасыўшылар уллы ата-бабаларымызға мүнәсип болыў, олардыӊ даӊқлы дәстүрлерин бүгинги шараятта избе-из даўам  етиў, усы тийкарда Үшинши Ренессанстыӊ тийкарын жаратыў мәмлекетимиз илимий ҳәм мәдений жәмийетшилиги алдындағы ийгиликли ҳәм уллы ўазыйпа екенин атап өтти. Ислам цивилизациясы орайыныӊ жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, дүнья илиминиӊ раўажланыўы ҳәм цивилизациясына үлес қосқан ата-бабаларымыздыӊ илимий мийрасын изертлеў сыяқлы мәселелер додаланып, презентациялар шөлкемлестирилди.

Илажда шығып сөйлегенлер Орай алдында үлкен ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпалар турғанын атап өтип, бул илимий-ағартыўшылық орайын Жаӊа Өзбекстанныӊ еӊ ири ақыл орайына айландырыў бойынша бар күш ҳәм ғайратын иске қосатуғынын   билдирди.

Әнжуман жуўмақлары бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа форум қатнасыўшыларыныӊ мүрәжаты жолланды.

Төменде усы мүрәжат тексти берилмекте.

* * *

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа “Уллы ата-балар мийрасы – Үшинши Ренессанс тийкары” темасындағы республика илимпазлары, жаслар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери форумы қатнасыўшыларыныӊ

Мүрәжаты

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Бүгинги күнде Сизиӊ басшылығыӊызда мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кеӊ көлемли реформалар халқымыздыӊ турмысына тереӊ кирип барып, барлық тараў ҳәм тармақларда, ҳәр бир ўатанласымыздыӊ турмысында анық нәтийжелер бермекте.

Сизиӊ басламаларыӊыздыӊ жемиси болған көплеген сиясий-ҳуқықый, социаллық-экономикалық, руўхый-ағартыўшылық бағдарламалар ҳәм ири жойбарлар жәмийетимиздиӊ көринисин пүткиллей өзгертип, миллий раўажланыўымызға жаӊа, және де күшли күш бағышламақта. Жаӊа Өзбекстан идеясы реал ҳақыйқатқа айланбақта. Буны ел-журтымыз да, халықаралық жәмийетшилик те кеӊнен тән алмақта.

Жақында мәмлекетимизге келген Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиӊ Бас хаткери Антониу Гутерриш мырзаныӊ бүгинги Өзбекстанныӊ раўажланыўы, оныӊ Орайлық Азия регионындағы бирлестириўшилик роли ҳаққында билдирген ҳақыйқый пикирлери де буны анық тастыйықлап турыпты.

Мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте әмелге асырылып атырған сийрек ушырасатуғын мегажойбар сыпатында баҳаланып атырған Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайын қурыў ҳаққындағы басламаӊыз муқаддес динимиздиӊ тынышлық, адамгершилик ҳәм кеӊпейиллик идеяларын улығлаў, халқымыздыӊ уллы тарийхы, бай мәдений-ағартыўшық мийрасын тиклеў ҳәм дүньяға үгит-нәсиятлаў бағдарындағы турақлы итибар ҳәм ғамқорлығыӊыздыӊ жоқары әмелий үлгиси ретинде, айрықша, мақтаўға ылайықлы болып табылады. Орай жумысы ҳәзирден-ақ халқымыз ҳәм дүнья жәмийетшилиги арасында үлкен қызығыўшылық оятпақта.

Қысқа мүддетте саўлатлы пайтахтымыз Ташкенттиӊ әййемги орайы – Ҳәзирети Имам естелик комплексине жақын аймақта Саҳыпқыран Әмир Темур бабамыз ҳәм темурийлер дәўирине сай архитектуралық усылда, сыртқы безеўлер ҳәм сулыў каллиграфия өнери жазыўлары менен ашық китап тымсалында көз алдымызда көретуғын пайда болған бийтәкирар имарат- Ислам цивилизациясы орайы имараты қәд көтерди.

Сиз атап өткениӊиздей, “бай ҳәм тереӊ тарийхымыз, бийтәкирар илимий-мәдений мийрасымызды бир жерге жәмлеген ҳалда, кеӊ көлемде сәўлелендириў” ўазыйпасы жүкленген Ислам цивилизациясы орайын шөлкемлестирип, бул жолда мәмлекетимиздиӊ илимпаз ҳәм ағартыўшы халқын бирлестирип, олардыӊ нәтийжели жумысы ушын барлық шараятларды жаратып берип атырғаныӊыз ушын Сизге шын жүректен қызғын миннетдаршылық билдиремиз.

Бүгинги қәўипли дәўирде, атап айтқанда, исламныӊ аты менен әмелге асырылып атырған жаўызлықлар ҳәўиж алып атырған бир шараятта, бул орай ҳәр қандай жат идеяларға қарсы илимий таллаўлар арқалы жуўап беретуғын жетекши илимий-ағаратыўшылық орайларынан бирине айланады. Сондай-ақ, бул жердеги барлық музей экспозициясында сәўлеленетуғын илимий-изертлеў қолланбалары жасларды Жаӊа Өзбекстанды қурыўдай уллы ўазыйпаға жетеклеп, уллы ата-бабаларымыздыӊ тарийхы ҳаққындағы дурыс пикирди қәлиплестириўге хызмет етеди, деп исенемиз.

Сиз белгилеп берген ўазыйпалардыӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткен бир ай даўамында “Ислам цивилизациясы орайы: кеше, бүгин ҳәм келешекте” сүрени менен Орайдыӊ жумысын және де жетилистириўге хызмет ететуғын илимий-әмелий семинарлар шөлкемлестирилди. Оларда Ислам цивилизациясы орайыныӊ жумысы, оныӊ қурамындағы музей бөлимлериниӊ презентациялары өткерилди. Тараў қәнигелери ҳәм экспертлердиӊ қатнасыўындағы бул илажлар процесинде 600 ден аслам усыныс ҳәм мәсләҳәтлер тийкарында бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилди.

Күни кеше 3-4-июль күнлери журтымыздағы 500 ден аслам белгили тарийхшы, шығыстаныўшы, көркем өнертаныўшы, адебияттаныўшы алымлар, илимий-изертлеў орайлары, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық мәкемелериниӊ басшылары, жас изертлеўшилер, жәмийетшилик белсендилери ҳәм диний тараў ўәкиллериниӊ қатнасыўында “Уллы ата-бабалар мийрасы- Үшинши Ренессанс тийкары” темасында абырайлы илимий-әмелий форум өткерилди.

Әнжуман шеӊбериндеги жалпы мәжилис, илимий-әмелий семинарлар процесинде бир қатар жаӊа жойбарлар, анық мәсләҳәт ҳәм усыныслар алға қойылды, презентациялар болып өтти, жумысымызды тереӊлестириў ҳәм алдымызға қойылған жаӊа ўазыйпаларды орынлаўға қаратылған жуўмақлаўшы ҳүжжет – “жол картасы”н ислеп шығыў белгилеп алынды.

Бул Орай Жаӊа Өзбекстанныӊ мәдений-ағартыўшылық үстинлеринен бири болатуғынына ҳәм Үшинши Ренессанстыӊ тийкарын қурыўдағы барлық ис-ҳәрекетлеримизди муўапықластырып баратуғын ири фундаментал илимий-изертлеў мәкемеси сыпатында хызмет ететуғынына исенимимиз кәмил.

Биз, Форум қатнасыўшылары Ислам цивилизациясы орайын илим ҳәм ағартыўшылық, жаӊа идеялар ислеп шығатуғын ҳақыйқый ақыл орайына айландырыў жолында Сизге жәрдемши ҳәм көмекши болып, шын жүректен мийнет етиўге, өзимиздиӊ бар билим ҳәм тәжирийбемизди, қәбилетимизди усындай уллы иске бағышлаўға ўәде беремиз.

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Усы жылдыӊ август айында Өзбекстан мәдений мийрасын үйрениў, сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша Пүткил дүнья жәмийетшилигиниӊ Ислам цивилизациясы орайы жумысына бағышланған гезектеги Конгресин Ташкент ҳәм Самарқанд қалаларында өткериў режелестирилмекте.

Халқымыздыӊ бай ҳәм бийбаҳа мәдений-руўхый мийрасын халықаралық көлемде ен жайдырыў ҳәм жырлаў менен бирге, Конгрессте Ислам цивилизациясы орайы китапханасы, қолжазбалар фонды ҳәм музейиниӊ жумысын заман талаплары тийкарында шөлкемлестириў бойынша дүнья экспертлериниӊ пикирлерин алыў имканияты жаратылады.

Ислам цивилизациясы орайы келешекте халқымыз, әсиресе, жасларымыздыӊ сана-сезимин, қәлби менен руўхын раўажландырып, Үшинши Ренессанс қурыўшысы етип тәрбиялаўға, Жаӊа Өзбекстанныӊ өзине тән руўхый айнасы болып хызмет ететуғын бийтәкирар орайға айландырыў бойынша Сизиӊ көрсетпелериӊиз тийкарында барлық мақсет ҳәм ўазыйпаларды анық белгилеп алғанымыз, әлбетте, жумысымыздыӊ нәтийжесин арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Сизге, ҳүрметли Президент, беккем денсаўлық, оғада жуўапкершиликли ҳәм даӊқлы жумысыӊызға үлкен күш-ғайрат ҳәм жаӊа табыслар тилеп қаламыз.

Жанажан Ўатанымыздыӊ абырай-мәртебеси, қүдирети ҳәм потенциалы және де зыяда болсын!

–0–