Алдын хабар еткенимиздей, жақында Қарақалпақстанның мәденият ҳәм туризм ўәкиллеринен ибарат делегация ағзалары Татарстан Республикасына барған еди.

Бүгин Татарстан Республикасы басшысы Рустам  Минниханов республикамыздыӊ делегация ағзалары менен ушырасты.

―Сизлердиӊ  Татарстанға болған сапарыӊыз, өз-ара қатнасықларымызды еле де беккемлеўге, еллеримиз арасындағы ҳәр түрли тараўларды раўажландырыўға, соныӊ ишинде Қарақалпақстан Республикасы менен де байланысларымызды беккемлеўге  хызмет етеди,―деди Рустам Минниханов.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Расул Зарикеев Қазанда өткерилип атырған фестивальдыӊ жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенлигин айрықша атап өтип, фестивальға мирәт еткенлиги ушын делегация атынан миннетдаршылық билдирди.

Мәденият күнлери шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев, Мәденият министри Б.Темирбаев, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы директоры А.Тожибаев ҳәм  республикамыздан барған  делегация ағзаларының Татарстан Республикасы мәмлекетлик туризм басқармасы баслығы С.Иванов пенен рәсмий ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда татарстанлы туризм тараўы қәнигелерине мәмлекетимиздиң туризм потенциалы кеңнен таныстырылды. Сондай-ақ, алдағы ўақытлары еки ел арасындағы туризм тараўында бирге ислесиў, Татарстанда мәмлекетимиздиң туристлик потенциалы менен кеңнен таныстырыўшы тур операторлар искерлигин жолға қойыў бойынша сөйлесиўлер алып барылды ҳәм мақсетли жойбарлар режелестирилди.


Сондай-ақ, делегация ағзалары Қазан мәмлекетлик мәденият институтында болды.

Институт  ректоры Р.Ахмадиева басшылығында оқыў орнының турмысы,  студентлердиң билим алыўы ушын жаратылған шараятлар, илимий- инновациялық жойбарлар менен жақыннан танысты.

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Нөкис филиалы ҳәм Қазан мәмлекетлик мәденият институты арасындағы бирге ислесиўди еле де раўажландырыў бойынша «Жол карта»сы  тастыйықланды.

Соның менен бирге, Қазан мәмлекетлик мәденият институтында Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры директоры Байрам Айтмуратов ҳәм Қазан мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры директоры  Ильнур Гайниевлар арасында өз-ара бирге ислесиў, дөретиўшилик байланысларды беккемлеў бойынша меморандумға қол қойылды.


Буннан соң қарақалпақстанлы театр дөретиўшилери тәрепинен татар драматурги Т.Минуллинниң “Дилафрузға төрт ашық” спектакли  қойып берилип, бул тамашагөйлерде айрықша тәсир қалдырды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги