Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери Н.Муҳаммединовтың қайта сахналастырылған «Әжинияз» операсы кең жәмийетшилик ўәкиллерине қойып берилди.

Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың либреттосы тийкарында жаратылған бул опера дәслеп 1987-жылы атқарылған еди. Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығына бағышланып бул опера  қайта исленип, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери композитор Қурбанбай Заретдиновтың музыка басшылығы ҳәм дирижёрлығында, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист, режиссёр Мархабай Үсеновтың сахналастырыўында қайтадан қойылды.

Рольлерде тәжирийбели ҳәм жас актёрлар Сапарбай Шерманов, Шыраз Турсынбаев (Әжинияз), Наўрыз Махамадияров (Пирим бий), Гүлбану Рейпназарова (Ханзада), Фарид Узақбергенов (Панахан), Мийригүл Мәмбетмуратова (Айбөрек), Бахыт Қыдырбаев (Берди), Ормамбет Зийнелов (Сардар), Дәўлетмурат Атамуратов ((улама) ҳәм басқалар ойнап, шеберлик пенен атқарып шықты.

Сахналастырылыўы бойынша операның биринши картинасында Бозатаўдағы ерте бәҳәр, Таллық дәрьясының бойы сәўлеленген. Жигит-қызлар Наўрыз байрамында сейилге шыққан. Хийўадағы медресени питкерип, аўылға қайтқан Әжинияз шайырды халық күтип алмақта. Әжинияз «Жайында еллер бармекен» ариясы менен сағынышын билдиреди. Халық шайырдың ариясын заўықланып тыңлайды.

Шайыр ашығы Ханзаданы излемекте. Бирақ ол жоқ. Панаханның қызы Айбөрек жақынласады. Ол балалығынан Әжиниязға атастырылған.

Пирим бий басқарған ақсақаллар келип, шайырды қутлықлайды. Пиримбий халықтың тәғдири ҳаққында айтады. Халық оларды қоллайды. Кеш. Ханзада жалғыз. Шайырға шексиз муҳаббатын айтады. Жаңа ай туўылады. Ханзада айға қарап тилек айтады.

Екинши картинада Панаханның Қоңыраттағы сарайы, тахт орнатылған сарай. Панаханды тәриплеўши мақтаў қосық жаңлайды. Пиримбий басшылығында дийқанлар, мийнеткеш халық киреди…

Картиналарда сол дәўирдеги халықтың аўыр турмысы, кеўил-кейпияты, ғалаўытлы жыллар, күшлиниң әззини бағындырыўы, бассынып, ойына келген бийбастақлықты ислеўи, әпиўайы адамлардың арзыў-әрманлары, нурлы келешек ушын гүресиўи сыяқлы ўақыялар сәўлеленген.

– Быйылғы жылы уллы классик шайырымыз Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы мүнәсибети менен ЮНЕСКОның қарары тийкарында өткерилип атырған илажлар шеңберинде 1987-жылдан берли атқарылып киятырған «Әжинияз»  операсы қайта исленип, өзимиздиң жергиликли жас актёрлардың атқарыўында қайта сахналастырып қойылып атыр. Онда Әжинияз шайырдың Хийўадағы медресени питкерип елге қайтыўы, Қоңырат ханлығындағы ўақыялар, оның Бозатаў көтерилисине қатнасыўы, сол дәўирлердеги аўыр күнлер опера жанрында көрсетилип халықтың дыққатына усынылмақта. Опера аўыр жанр, сонлықтан 4-5 ай таярландық. Тамашагөйлер көрип өзиниң баҳасын бере береди. Бизлердиң ўазыйпамыз Әжинияз бабамыздың юбилейине үлкен саўға таярлаў еди,-дейди Қурбанбай Заретдинов.

Халқымыздың уллы классик шайыры Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығына бағышланып өткерилип атырған илажлар даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги