Олий Мажлис Сенаты Баслығы, Ҳаял-қызлардыӊ жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теӊлиги ҳәм шаӊарақ мәселелери бойынша республикалық комиссияныӊ баслығы Танзила Норбоева түрли тараўларда мийнет етип, жумыс ислеп атырған қызларды, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған жумысларды әмелге асырмақта.
Әсиресе, спорт тараўында кызлардыӊ жетискенликлерге ерисиўи, мәмлекетимиздиӊ абырайын халықаралық беллесиўлерде мүнәсип қорғаў, Өзбекстанныӊ байрағын бәлент көтериўи жолында зәрүр имканиятлар жаратылыўына үлкен әҳмийет берилип атыр.
Қалаберди, Т.Норбоева Өзбекстан велосипед спорты федерациясыныӊ баслығы сыпатында усы бағдарда жумыс алып барып атырған спортшылар, атап айтқанда, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлап келмекте.
Нәтийжеде велоспортшыларымыз дүнья спорт ареналарында табыслы қатнасып келмекте. Олардыӊ арасында бир неше мәрте абырайлы халықаралық беллесиўлерде, сондай-ақ, Олимапиада ойынларында алтын медальды қолға киргизген чемпионлар бар.
Усы күнлери Қазақстанныӊ Алмаата қаласында велошоссе бойынша Азия чемпионаты болып өтти. Онда ҳаял-қызлар арасында өткерилген индивидуал ўақыт жарысында Ольга Забелинская алтын, Янина Кускова гүмис медальға ийе болды.
– Жеӊимпаз болған велоспортшыларды қутлықлаймыз ҳәм бул қызларымыздыӊ бундай жоқары табыслары ҳәм өзбек спортыныӊ раўажланыўына қосып атырған мүнәсип үлеси менен мақтанамыз, – деди Т.Норбоева. – Бул көрсеткишлер, әлбетте, елимизде спортқа берилип атырған итибардыӊ нәтийжесинде болып табылады. Соныӊ менен бирге, спортшыларымыздыӊ тынымсыз өз үстинде ислеўи, тренерлердиӊ мийнетиниӊ жемиси.
Спортшыларымызды үлкен жетискенликлер менен қутлықлап, оларға жаӊа жеӊислер тилеп қаламан.
Алмаата қаласында пара велоспорттыӊ шоссе бағдары бойынша өткерилген Азия чемпионатында пара велоспортшылар да табыслы қатнасты. Өзбекстан сайланды командасы 10 алтын, 3 гүмис ҳәм 6 бронза, жәми 19 медаль топлап, улыўмакомандалық есапта биринши орынды ийелеген.
Сенат Баслығы пара велоспортшылар да мақтанышымыз екенин, олардыӊ арасында қызлардыӊ бар екени қуўанышлы жағдай екенин атап өтти. Оларға келешекте жәҳән спорт ареналарында усындай табысларға ерисиўи ушын әўмет тиледи.
Н.Абдураимова, ӨзА