Мойнақ районы ҳәкимлигиниң басламасы менен районға келиўши туристлерге және де қолайлылық жаратыў мақсетинде виртуал гидлер жаратылмақта.
Виртуал гидлер менен байланыс QR-кодлар арқалы әмелге асырылып, олар белгили бир объект (орын) ҳаққында төрт тилде (қарақалпақ, өзбек, рус, инглис) түсиник береди.
– Ҳәзирги виртуал гидлер “Аққан жулдыз” естелиги ҳаққында таярланып, алдағы ўақытта районның тарийхый ҳәм белгили орынлары туўралы таярлаў режелестирилмекте,-дейди район ҳәкиминиң орынбасары М.Жумабаев.
Фотодағы QR-кодлар арқалы фотоға алып, виртуал гидлерге кириў мүмкин болады. Фотоға google ден алынады. Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги