23 жасқа шекемги футболшылар арасындағы Азия кубогиниң топар басқышы өз жуўмағына жетти.
Онда табыслы қатнасып атырған Тимур Кападзе шәкиртлери топар жетекшилиги ушын болған гүресте Вьетнамды 3:0 есабында жеңип шығыўға миясар болды.
Бул ушырасыўда қарсылас команда дәрўазасына голларды 4-минутта Алишер Адилов, 36 -минутта Русланбек Жиянов ҳәм 40-минутта және бир мәрте Алишер Адилов урыўға еристи.
Солай етип, өз топарында 100 процентлик нәтийже көрсеткен Өзбекстан сайланды командасы топарда 9 упай менен 1-орынды ийелеп, 26-апрель күни шерек финалда Саудия Арабстаны футболшылары менен ушырасатуғын болды.
Ал, шерек финалдың қалған ойынларында болса, Қатар-Япония, Қубла Корея-Индонезия ҳәм Ирак-Индонезия сайланды командалары өз-ара ушырасады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги