23 жасқа шекемги футболшылар арасындағы Азия кубогиниң топар басқышы өз жуўмағына жетти.

Онда табыслы қатнасып атырған Тимур Кападзе шәкиртлери топар жетекшилиги ушын болған гүресте Вьетнамды 3:0 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Бул ушырасыўда қарсылас команда дәрўазасына голларды 4-минутта Алишер Адилов,  36 -минутта Русланбек Жиянов ҳәм 40-минутта және бир мәрте  Алишер Адилов урыўға еристи.

Солай етип, өз топарында 100 процентлик нәтийже көрсеткен Өзбекстан сайланды командасы топарда 9 упай менен 1-орынды ийелеп, 26-апрель күни шерек финалда Саудия Арабстаны футболшылары менен ушырасатуғын болды.

Ал, шерек финалдың қалған ойынларында болса, Қатар-Япония, Қубла Корея-Индонезия ҳәм Ирак-Индонезия сайланды командалары өз-ара ушырасады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги