Усы жыл 8-14-июнь күнлери аралығында пайтахтымыздағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде спорттың стол тенниси бойынша 2004-жылы туўылған ҳәм оннан киши жастағы жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Өзбекстан чемпионаты өткерилди.

Чемпионатқа Нөкис қаласынан, сондай-ақ, Ташкент, Әндижан, Ферғана, Наманган, Сырдәрья, Жиззақ, Хорезм, Бухара, Наўайы, Самарқанд, Қашқадәрья ўәлаятларынан 150 ге шамалас спортшылар қатнасты.

Жарыс жуўмағында ер балалар арасында командалық есапта Бухара ўәлаяты спортшылары биринши, Сырдәря ўәлаяты спортшылары екинши, Жиззақ ўәлаяты спортшылары үшинши орынды ийелеген болса, қызлар арасында самарқандлы спортшылар биринши, нөкисли спортшылар екинши, хорезмлилер үшинши орын жеңимпазы болды.

– Нөкис қаласына биринши мәрте келиўимиз. Тренеримиз Мардона Айитова спорттың стол тенниси түрин 5 жылдан берли үйретип келмекте, – дейди чемпионат қатнасыўшысы, хорезмли спортшы Мафтуна Рузметова. Жарыста жеңиске ериспесекте, бул жерде дослар арттырдық.

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

 

 Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы