Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде бәҳәрги егис мәўсимин шөлкемлестириў ҳәм шығындылар менен ислесиў системасын жетилистириў бойынша видеоселектор мәжилисинде атап өтилди.
Ҳәр бир ўәлаяттағы екеўден, жәми 26 районда тәжирийбе тәризинде абаданластырыў басқармаларының ўазыйпалары жеке меншик шериклик тийкарында шығынды кәрханаларына өткериледи.
Онда, исбилерменлер өзине бириктирилген аймақта терек ҳәм гүллер егиў, оларды тәрбиялаў, каналларды тазалаў, көшелерди жақтыландырыў менен бирге шығындыларды алып кетиў менен де шуғылланады. Бир сөз бенен айтқанда, исбилерменлер райондағы улыўма абаданластырыў менен шуғылланады ҳәм соған жараса мийнет ҳақы алады.
Жылдың айрықына шекем жаңа тәжирийбени сынақтан өткерип, 2025-жылдан барлық район ҳәм қалаларда жолға қойыў зәрүр екени атап өтилди.
ӨзА