Қарақалпақстан Республикасы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайында әмелий пәнлер ҳәм мектептен тысқары билимлендириў методикасы кафедрасы тәрепинен «Он бармағым өнерли» атамасында өнермент Махада Алламбергенова менен ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди.

Онда орайдың профессор-оқытыўшылары, сүўретлеў өнери ҳәм сызыў курсындағы тыңлаўшылар, әмелий пәнлер ҳәм мектептен тысқары билимлендириў методикасы кафедрасы ағзалары қатнасты.

Ушырасыў кешесинде орай директоры, доцент Б.Диланов, Әмелий пәнлер ҳәм мектептен тысқары тәлим методикасы кафедрасының баслығы Р.Абдуллаев, орайдың Ҳаял–қызлар кеңесиниң баслығы  П.Салиева ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мектеп оқыўшыларын халық өнерментшилиги  кәсиплерине бағдарлаў, олардың өнерментшиликке болған қызығыўшылығын қәлиплестириў бағдарында исленип атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берилип, халық өнерментшилигиниң  миллий қәдириятларымыздың тийкарғы бағдары екенлиги атап өтилди ҳәм пикир-усыныслар билдирилди.

Атап өтилгениндей, 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында билимлендириўдиң сапасын арттырыўда қойылатуғын бир қанша талаплар бар. Солардың қатарында билимлендириўдиң сапасын арттырыў – Жаңа Өзбекстанды раўажландырыўдың бирден-бир дурыс жолы екенлигин атап өтиўимизге болады.

Қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаўда билимлендириў тараўындағы гезектеги әҳмийетли бағдар, бул – жаслардың заманагөй кәсип-өнер ийелеўи ушын барлық зәрүр шараятларды жаратыўдан ибарат.

Миллий мәденият ҳәм көркем өнер пүткил тарыйхый өтмиш даўамында үлкен әҳмийетке ийе болып келген. Онда халықтың тарийхы, басқа халықлар менен этномәдений байланыслары, эстетикалық нормалары сәўлеленген. Ҳәзирги ўақытта дәстүрий миллий көркем өнерди, соның ишинде, кестешилик, тоқымашылық, қуўыршақ тигиў ҳ.т.б. өнерментшилик жумыслары ҳәўиж алмақта.

Ата – бабаларымыздың мәдений мийрасларының бизге жетип келиўинде бир қанша илимпазларымыздың мийнетлери бар. Олардың изертлеўлеринде қарақалпақлардың миллий кийимлери, безениў буйымлары, үй-руўзыгершилигинде қолланылатуғын буйымлар сөз етилген. Қарақалпақ миллий кийимлеринде де безеўшилик – әмелий көркем өнеримиздиң оғада бай дәстүрлери жәмленген болып, олар халқымыздың эстетикалық түсиниклери менен талғамларын сәўлелендиреди, руўхый ҳәм тарыйхый тәжирийбелердиң әўладтан – әўладқа жетип келиўин тәмийинлейди.

Өнерментшилик жасларда көркем әмелий өнерди ҳәм әдеп-икрамлылықты раўажландырыўға хызмет етеди. Халық дөретпеси жаслар тәрбиясында үлкен орын ийелейди.


Ушырасыўда қатнасыўшылардың да пикир-усыныслары тыңланып, олар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги