Бүгин пайтахтымыз Нөкис қаласында «1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни»не арналған үлкен спорт фестивалы болып өтеди. Бул ҳаққында Миллий Олимпия комитетиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

 

 

Фестиваль шеңберинде ҳәр қыйлы спорт жарыслары шөлкемлестирилип, сондай-ақ, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери менен меҳрийбанлық үйиниң тәрбияланыўшыларына Президент саўғалары тапсырылыўы нәзерде тутылған. Тийкарғы байрам илажлары қаламыз орайындағы «Туран» стадионында болып өтеди.

 

 

Саат 19:00 де басланатуғын илажда эстрада қосықшыларының да қатнасыўы режелестирилген. Белгили спортшылар менен қосықшылар фестиваль қатнасыўшыларына Президент саўғаларын тапсырады. Саат 20:00 ден кейин Азамат Абдураимов басшылығындағы Өзбекстан жас өспиримлер сайланды командасы Қарақалпақстан ҳәм Хорезм ўәлаяты футболшыларынан ибарат команда менен өз ара жарысқа түседи.

 

 

Фестивальда өзбек эстрадасының белгили жулдызлары да қатнасады. Сондай-ақ, өзбек футболының жулдызлары Элдор Шомуродов, Отабек Шукуров, Достон Ҳамдамов, Жамшид Искандеров ҳәм тренер Равшан Ҳайдаровлар да Нөкиске жетип келди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.