28-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовтың телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Сөйлесиў алдынан Өзбекстан Президенти ҳәм Түркмен халқының миллий жетекшиси Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы бир-бирин жақынласып киятырған Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, туўысқан халықларымызға тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеклерин билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовқа өзиниң қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жоллады.

Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм тереңлескен стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери додаланды. Бурын ерисилген, соның ишинде, парламентлераралық сөйлесиў шеңбериндеги келисимлердиң орынланыў барысы додаланды.

Тәреплер барлық тийкарғы бағдарларда өз-ара пайдалы бирге ислесиў сезилерли жеделлескенин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өз-ара саўда көлеми артпақта – 2023-жылдың жуўмағы менен товар алмасыў 1 миллиард доллардан артады. Пайтахт Ташкент ҳәм Ашхабад қалаларында саўда жоллары ашылды, биргеликте «Шават – Ташаўыз» шегараалды саўда зонасын қурыў бойынша жумыслар даўам етпекте.

Санаат, энергетика, аўыл хожалығы, транспорт тараўларында еки мәмлекет жетекши кәрханаларының кооперациясы күшеймекте, аймақлараралық байланыслар кеңеймекте. Усы жылы Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң гезектеги мәжилислери табыслы өткерилди.

Биргеликтеги мәдений-гуманитарлық илажлар, соның ишинде, Мәденият күнлери ҳәм дөретиўшилик сапарлар өткерилмекте.

Орайлық Азиядағы регионаллық бирге ислесиўдиң әмелий тәреплери бойынша да пикир алысты. 2024-жылға мөлшерленген ушырасыўлар режеси көрип шығылды.

ӨзА