Мәмлекетимиз басшысы басшылығында өткерилип атырған Республика Мәнаўият ҳәм ағартыўшылық кеӊесиниӊ мәжилиси даўам етпекте.

– Мақам көркем өнерин раўажландырыў, оны қаранғылықтан жақтылыққа алып шығыў жолында пидайылық көрсетип атырған артистлеримизге қанша рахмет айтсақ, арзыйды, – деди Президент.

Халық аўыз-еки дөретиўшилиги дүрданаларын кеӊнен ен жайдырып атырған бақсылардыӊ жумысын қоллап-қуўатлаў итибар орайында болады.

Мәмлекетимиз фондларында сақланып атырған 3 мыӊнан аслам дәстан, мақам ҳәм фольклор дөретпелерин заманагөй форматқа өткериў нәзерде тутылған.

Улыўма, бул көркем өнерди ғалаба ен жайдырыўда санластырыўдан кеӊ пайдаланыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мақам, үлкен қосық, бақсышылық, атлас ҳәм адрас, гүлалшылық ҳәм зергерлик сыяқлы 12 бийбаҳа мәдений мийрас үлгилери бойынша дәстүрлерди даўам ететуғын мектеплер жаратылады.

ӨзА