Дания, Норвегия ҳәм Швеция мәмлекетлериниң биргеликте өткерген гандбол бойынша ҳаял-қызлар арасындағы жәҳән чемпионаты өз жуўмағына жетти.
Чемпионаттың финал ойынында Франция ҳәм Норвегия сайланды командалары өз-ара чемпионлық ушын гүрес жүргизди ҳәм франциялы гандболшылар 31:28 есабында жеңиске еристи.
Бул жеңис арқалы Франция сайланды командасы үшинши мәрте жәҳән чемпионы болыўға миясар болды.
Ал, қола медалы болса, Швецияны 28:27 есабында жеңип шығыўға ерискен Дания сайланды командасына несип етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.