Россияда басып шығарылатуғын «Московский комсомолец» газетасының 2017-жыл 7-июль санында Артур Аваковтың Өзбекистанда Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен алып барылып атырған реформалар ҳаққындағы мақаласы жәрияланды. Төменде усы мақала орынлы қысқартыўлар менен жәрияланбақта.
Шавкат Мирзиёев дерлик бир жылдан берли Өзбекистанның екинши Президенти сыпатында жумыс алып бармақта.
Бир қарағанда, ҳәкимиятқа «мийраслық тийкарында» ийе болған мәмлекет басшысы елдиң әмелдеги режимин қәстерлеп сақлаў ҳәм даўам еттириўи керектей болып сезиледи. Бирақ, оның дәслепки ис-ҳәрекетлери тарийхқа реформатор сыпатында кирмекши болғанлығынан дәрек береди.
«Московский комсомолец» экспертлери менен биргеликте Ислам Кәримовтың мийрасқоры Орайлық Азиядағы ең ири мәмлекет есапланған Өзбекистанды қандай раўажланыў жолынан баслап баратырғанын үйренди.
БАНК САЛАСЫНДАҒЫ РЕФОРМАЛАР
Бурынғы аўқамда узақ жыллар жабық ел, деп есапланған Өзбекистан банк системасын дерлик раўажландырмады. Мәселен, бир неше жыл бурын елде банк карталары енгизилди, бирақ, банкоматлар жетерли емес еди. Жаңа Президент жумыс баслағаннан соң жағдай өзгере баслады. 2017-жылдың ақырына шекем Ташкенттиң өзинде халық банк карталарынан өз қаржысын алыў ушын пайдаланатуғын мыңға жақын банкомат орнатылыўы керек. Бундай қурылмалар банклер ҳәм 50 ден аслам мийнет ететуғын компанияларда орнатылады.
Өзбекистанда банк карталарынан пайдаланыў дәрежеси кеңейип бармақта. Бүгинги күнде еки компания банк карталарын шығармақта. Дәслепки UzCard компаниясы 2004-жылда өз жумысын баслаған болса, GlobuzCardқа республикалық Орайлық банки тәрепинен 2017-жылдың 8-апрелинде руқсат берилди. Өзбекистан банк хызметлери саласындағы усы жаңа компанияның операцияларын шет ел валютасында әмелге асырыў имканиятына ийе болыў ушын халықаралық төлем системалары менен байланысты жолға қоймақта.
Валюта мәселеси Президент тәртипке салыўды режелестирип атырған екинши әҳмийетли бағдар болып табылады. Өзбекистанда доллар тийкарғы шет ел валютасы есапланады.
Елде доллардың еки қыйлы курсы – рәсмий ҳәм «қара базар»да алмастырыў ушын рәсмий емес курсы бар.
Жаңа ҳәкимият жағдайды дүзетиў мақсетинде доллардың сумға қарағанда курсын тәртипке салмақта. Нәтийжеде 2017-жылдың басынан берли республикада пул бирлиги 15 проценттен аслам қәдирсизленди. Ҳәзирги ўақытта 1 доллардың рәсмий курсы 3820 сумды қурайды (мақала 2017-жылдың июль айында жәрияланған. Бүгинги күнде рәсмий курс 4126.45 сумды қурайды – ҚХА) Рәсмий Ташкенттиң мағлыўматларына бола, өткен жылдың жаз айында бул көрсеткиш 2950 сум болған. Солай болса да, рәсмий курстың өсиўи еле узақ ўақыт даўам етеди. Себеби, усы жылдың май айының ақырында «қара базар»да 1 доллардың баҳасы 8520 сумды қураған.
Елдиң банк системасының алдына валюта базарын еркинлестириў ўазыйпасы қойылған. Атап айтқанда, алдын Өзбекистан кәрханалары валюта түсиминиң 50 процентин өзинде қалдырған болса, енди 25 процентин тапсырыўы керек (ҳәзир бул 25 процент те бийкар етилди – ҚХА). Онда банклер шет ел валютасын тартыў бойынша белсене жумысларды әмелге асырмақта. Булардың бәринен гөзленген мақсет Өзбекистан сумын еркин конвертацияланатуғын валютаға айландырыў болып табылады. Бурынлары банктен валюта сатып алыў дерлик қыйын мәселе еди. Халық доллар сатып алып, тек ғана «қара базар»да сататуғын еди. Енди жағдай унамлы тәрепке өзгереди.
Соның менен бирге, республикада паспорт системасы да реформаланбақта. Соның ишинде, биометрикалық паспорт ҳәм виза бериў ушын электрон гезек жолға қойылмақта. Келешекте Өзбекистан пуқаралары шет ел паспортына ийе болыўы, шет мәмлекетлерге шығыў стикерлери бийкар етилиўи мүмкин. Бул реформалар табыслы әмелге асырылса, республика халқының белсендилигин ҳәм бизнес бәсекиге шыдамлылығын арттырыў имканияты пайда болады.
ЖАҢА ӨНДИРИСЛИК БАҒДАРЛАРЫ
Пахта Өзбекистанның «танысыў қағаз»ларынан бири болып табылады. Соның менен бирге, пахта елдиң абыройын түсирмекте. Себеби, жетистирилген зүрәәт елеге шекем қолда терип алынбақта. Президент Шавкат Мирзиёев бундай жағдайға шек қойыўға қарар еткен. Республикада қол теримин сапластырыў ушын жылына 1500 ге шекем пахта териў машинасын ислеп шығарыў жолға қойылады. Усы жылдың ақырына шекем 600 ден аслам усындай техника конвейерден шығады. «Өзагротехсанаатхолдинг» басшысы Нодир Отажоновтың сөзлерине көре, пахтаны машина жәрдеминде терип алыўға толық өтиў ушын дерлик 10 мың комбайн керек болады. Ҳәзирги ўақытта егислик майданларда дерлик 2 мың пахта териў машинасы ислемекте.
Бирақ, бул және бир неше жыл қол териминен пайдаланылады, дегени емес. 2016-жыл сентябрь айы ақырында мәмлекет басшысы ўазыйпасын ўақтынша орынлаған Шавкат Мирзиёев Халықаралық мийнет шөлкеминиң усынысларына сәйкес келетуғын жаңа редакциядағы «Мийнетти қорғаў ҳаққында»ғы Нызамға қол қойды. Усы тәризде ҳаял-қызлар, ер жетпеген балалар, пенсия жасындағы мийнетке жарамлылығы шекленген адамлардың мийнетин қорғаў мәселесине анықлықлар киргизилди.
Шавкат Мирзиёев өнимдарлығы төмен жерлерди пахта егилетуғын майданларды қысқартыў ҳәрекетин баслады. Енди бул жерлерде мийўе-овощлар жетистириледи. 2017-жылдан 2020-жылға шекем әне, усындай майданларда пахта басқа да егинлерге алмастырылыўы зәрүр.
Өзбекистан басшылығы бир ўақыттың өзинде дәрилик өсимликлер жетистиретуғын ҳәм қайта ислейтуғын жети еркин экономикалық зонаны раўажландырыўға қарар етти. Бул аймақларда орналастырылатуғын кәрханалар көплеген салықлардан азат етилип, айырым бажыхана жеңилликлерине ийе болады. Бул миллий фармацевтика санаатын қайта тиклеў имканиятын бериўи күтилмекте.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекистан 6,3 мың атамадағы дәри-дәрмақларды сатып алмақта. Елимизде 2 мың түрдеги дәри препаратлары ислеп шығарылмақта.
СЫРТҚЫ СИЯСАТ
Шавкат Мирзиёев елди басқарып киятырған дерлик бир жыл даўамында әйне сыртқы сиясат оның жумысында ең табыслы бағдарлардан бирине айланды. Ол тек ғана қоңсы мәмлекетлер менен жаңа экономикалық шәртнамаларды дүзип қоймастан, ал шегараларды делимитациялаў ҳаққындағы сөйлесиўлерди қайта тикледи. Бул бағдардағы пикир ҳәм таласлар СССР бөлекленгеннен берли регионды тәшўишке салып киятырған еди. Мирзиёев елдиң Президенти лаўазымына кирискеннен соң Түркменстан, Қырғызстан, Қазақстан, Россия, Қытай ҳәм АҚШ басшылары менен сөйлесиўлер өткерди.
Түркменстан басшысы Гурбангули Бердимуҳамедов Өзбекистанның Түркменстан бәндиргилери арқалы Каспий теңизине шығыўына келисим берди, 2020-жылға шекем экономикалық ҳәм мәдений бирге ислесиў ҳаққында бир қатар шәртнамаларға қол қойды. ҚХР Баслығы Си Цзиньпин ҳәм Шавкат Мирзиёев Өзбекистанның ҳәр қыйлы салалары – мәдений-гуманитарлық салалардан баслап энергетика тармағына шекем инвестиция киргизиўге байланыслы 100 ге шамалас шәртнамаға қол қойды. Қазақстан Президенти Нурсултан Назарбаев та исбилерменлик саласында белсендилик артып атырғанын атап өтти. Оның мағлыўматларына қарағанда, усы жылдың биринши шерегинде Қазақстан менен Өзбекистан арасындағы саўда айланысы 37 процентке өскен. Бундай көрсеткишке еки мәмлекеттиң министрликлери менен аймақлары басшылары дәрежесиндеги ўәкиллериниң үзликсиз түрдеги ушырасыўлары нәтийжесине бола ерисилди. Қырғызстан менен де ҳәр айда шегараларды делимитациялаў ҳаққындағы сөйлесиўлер алып барылмақта. Ташкент ҳәм Бишкектен хабарлаўынша, усы сөйлесиўлер ҳәр сапары табыслы жуўмақланбақта.
ИШКИ СИЯСАТ
Өзбекистанның ишки сиясатында да машқалалар жыйналып қалған. Мәселен, Шавкат Мирзиёев өз шығып сөйлеўлеринен биринде милиционер жәмийетшилик мәпине емес, ал көбирек өз мәпине хызмет етип атырғанын ашық-айдын сынға алды. Жағдайды жақсылаў ушын ол прокурорларға ҳәм ИИБ баслықларына жергиликли телевидение арқалы өз жумысының нәтийжелери туўралы есап бериўди тапсырған. Буннан былай да жумыста жол қойылған қәте-кемшиликлер ушын тек ғана әпиўайы адамлар емес, ал қол астындағылар жумысының сапасын арттырыўға жуўапкер болған басшылар да жуўап береди.
2016-жылдың ақырына шекем Өзбекистанда милиция жумысын тәртипке салатуғын нызам жоқ еди. Өткен жылдың сентябрь айында усындай нызам қабыл етилди.
2017-жылыдың ақырына шекем сораў өткерилетуғын барлық бөлмелерге аудио ҳәм видеобақлаў системалары орнатылады. Соның менен бирге, сорастырыў жумысларын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў бөлимлери шөлкемлестирилип, оларда ҳуқық саласында жоқары мағлыўматқа ийе болған қәнигелер жумыс ислейди. 1-майдан елде «Исеним телефонлары» иске қосылды. Усы хызмет ўәкиллигинен шетке шығыў жағдайлары туўралы хабар бериўи мүмкин.
Республиканың денсаўлықты сақлаў саласында да үлкен реформалар әмелге асырылмақта. Шавкат Мирзиёевтың атап өткениндей, денсаўлықты сақлаў системасында дәмегөйлик, коррупция жағдайлары ҳәўиж алған еди. Президент бул бағдарда, әсиресе, туўыў үйлеринде ислейтуғын көпшилик акушерлердиң жумысын кескин сынға алып, бундай парақорды жумыстан алып олардың орнына жас қәнигелерди жумысқа қойыў бойынша тапсырмалар берди.
Өзбекистанда СССР тарқағаннан соң сапластырылған педиатор ҳәм жас өспиримлер гинекологлары лаўазымын қайта тиклеўге қарар етилди.
Сондай-ақ, аўыллық шыпакерлик пунктлериниң жумысын да жаңа тийкарда жетилистириў жумыслары басланды. Буннан тысқары, Өзбекистан басшысы елде жеке меншик денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыўдың структуралық бөлеги болған медициналық қамсызландырыў системасын енгизиў мәселесин ортаға қойды. Оның сөзлерине көре, бул бағдардағы тийисли нызам усы жылдың октябрь айында жәрияланыўы зәрүр. Усы ҳүжжетте Өзбекистан халқы өз қамсызландырыў гуўалығы бойынша төлейтуғын төлемлердиң муғдары белгилеп қойылады.
Реформалардың избе-из даўамы сыпатында 2017-жылдың басынан Өзбекистанның барлық аймақларында Халық қабыллаўханалары шөлкемлестирилип, оларға республика халқы ҳәкимият ўәкиллерине өзлериниң шағымлары менен мүрәжатларын жолламақта. Рәсмий емес статистика мағлыўматларына бола, алдын усы мүрәжатлардың дерлик 80 проценти көрип шығылмайтуғын еди. Егер бундай жағдайлар итибарсыз қалдырылған болса, апрель айының өзинде аймақларда пуқаралардың мүрәжатларын көрип шығыўды қәлемеген бир неше онлаған ҳәмелдарлар ийелеп турған лаўазымынан азат етилди.
Президент Мирзиёевқа бундай кең көлемли реформаларды өткериў не ушын зәрүр болғаны ҳәм олар қандай нәтийже беретуғыны туўралы эксперт «Московский комсомолец»ке төмендеги пикир-усынысларды билдирди:
Рафаэль САТАРОВ, Жорж Вашингтон университети Элиот халықаралық қатнасықлар мектебиниң мирәт етилген изертлеўшиси:
-Мирзиёев мәмлекет басшысы сыпатында кең көлемли реформаларды әмелге асырыўды шын жүректен қәлейди, деп ойлайман. Бирақ, ҳүкимран элита ағзалары буған таяр емес.
Мүмкин, Мирзиёев Өзбекистанның келешегин демократиялық еркинликлер бар болмаған шараятта экономикалық абаданлық тәмийинленип атырған Қубла Корея ямаса Тайванның авторитар усылында көрип атырған шығар.
Соған қарамай, Өзбекистанда ғалаба хабар қуралларының жумысы еркинлескенин сезбеў мүмкин емес. Бурын олар министрлерди сынға алып, ҳәкимият тәрепдары болмаған сиясатшыларға сөз бериўи сыяқлы жағдайларды көз алдымызға келтириў қыйын еди. Газеталарда «Президент ҳәкимшилигиндеги бизиң дәрек» деген сөзлер пайда болмақта.
Мәмлекет басшылығының ашық-айдын пикирлесиўге жантасыўы да өзгермекте. Егер Кәримовтың басшылығы дәўиринде халыққа – Президенттен басқа ҳеш ким мүрәжат етпегени себепли Өзбекистан халқы өз елиниң министрлери менен лаўазымлы шахсларынан көре, Россия министрлери менен губернаторларын жақсырақ таныған болса, енди телевидение арқалы республикалық сыртқы ислер министри мәмлекеттиң сыртқы сиясий жолы туўралы ашық-айдын сөз етпекте. Мирзиёев, мүмкин, өз әтирапында реформаторлар жәмәәтин шөлкемлестириўге умтылмақта.
Станислав ПРИТЧИН, РИА Шығыстаныў институтының Орайлық Азия, Кавказ ҳәм Урал-Поволжьени үйрениў орайының илимий хызметкери.
– Мирзиёев көп жыллар даўамында экономиканың реал секторы, соның ишинде, аўыл хожалығын қадағалады, елдиң барлық аймақларында бөлимлери болған Либерал-демократиялық партияға басшылық етти. Усы мүнәсибет пенен ол Өзбекистан халқының орташа жасы 27 жасты, улыўма, елдиң халқы 30 миллионнан асламды қурайтуғынын есапқа ала отырып, Өзбекистанның протекционистикалық илажларға сүйенген раўажланыў моделин жаңалаў зәрүрлигин жақсы биледи. Ҳәр жылы мийнет базарына мыңлаған жаслар кирип бармақта ҳәм оларды жумыс пенен тәмийинлеў әҳмийетли мәселеге айланбақта.
Мирзиёев бул машқаланы ҳәр тәреплеме түсинген ҳалда Президент ўазыйпасын атқарыўшы статусындағы дәслепки шығып сөйлеўинде жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў ең тийкарғы ўазыйпалардан бири екени туўралы сөз еткен еди. Бул ўазыйпа өз ўақтында экономиканы еркинлестириўди, шет ел инветицияларын тартыўды ҳәм басқа да көплеген мәселелерди де нәзерде тутады.
Оның үстине, бул бағдарда Өзбекистанның екинши Президентиниң жеке амбициялары да бар екенин атап өтиў зәрүр. Мирзиёев елди системалы тийкарда қайта өзгертиўди баслағанына қарағанда, ол Кәримовтың мүнәсип шәкирти болыўға ҳәм тарийхтан талапшаң ҳәм исенимли реформатор сыпатында орын алыўға умтылмақта.
Консерватив шеңбер ўәкиллери әдеўир күшли болса да, Өзбекистанда өзгерислер жедел әмелге асырылмақта. Мәселен, енди аймақлардағы ҳәр бир ҳәмелдар бирде-бир арзашыға жуўап берместен, оны сергиздан етиўден бурын он мәрте ойлап көреди.
Ҳәзирги ўақытта Пекин, Астана ҳәм Москва менен дүзилген халықаралық келисимлердиң жуўмағы бойынша Өзбекистан улыўма баҳасы 50 миллиард долларлық жойбарларға ийе болды. Жақын ўақыт ишинде усы инвестициялар республиканың экономикасын раўажландырыўда өзиниң әмелий тәсирин көрсете баслайды.
Өз-өзинен белгили болғанындай, ҳәр бир реформаны тек ғана нызамшылыққа беккемлеў емес, ал әмелге асырыў ушын узақ ўақыт талап етиледи. Солай болса да, Өзбекистан басшылығы өзиниң тийкарғы бағдарын анық белгилеп алған ҳәм оннан шығыў нийетинде емес.
«Халқ сўзи» газетасының 2017-жыл 12-июль күнги санынан алынды.