Президент Шавкат Мирзиёев Сурхандәрья ўәлаятыныӊ Байсын районында болып, “Ғәрезсизликтиӊ 25 жыллығы” газ-химия компекси қурылысы менен танысты.
Бул жерде газ кәни бир неше он жыллар алдын табылған. Бирақ географиясы қурамалы болғаны, сол ўақытта замагөй технология ҳәм қаржы болмағаны ушын ҳеш ким өзлестириўге батына алмаған.
Шавкат Мирзиёевтиӊ талапшаӊлығы менен бул бойынша әмелий қәдемлер тасланды. Мәмлекетимиз басшысы 2019-жыл апрель айында бул жерде болып, дәслепки излеў ҳәм техникалық-экономикалық тийкарлары менен танысқан еди. Сол жылдыӊ декабринде заводты қурыў жумыслары басланды.
“Surhan Gas Chemical Operating Company” сырт ел кәрханасы тәрепинен әмелге асырылып атырған бул жойбардыӊ баҳасы 2,9 миллиард доллар. Комплекс жылына 5 миллиард метр куб газди қазып шығарыў ҳәм қайта ислеў куўатына ийе.
Ҳәзирге шекем кәнди өзлестириўге 1 миллиард 450 миллион долларлық инвестиция киргизилип, 20 қудықта бурғылаў жумыслары жуўмақланған. 11 газ қудығы сынаўдан табыслы өткен. Ирге тасы жумыслары ҳәм металл конструкциялар қурыў дерлик жуўмақланып қалған.
Заводтыӊ жойбарлары ҳәм қурылысы “Shell” компаниясыныӊ лицензияланған технологиялары тийкарында алып барылмақта. Ол еӊ алдынғы экологиялық талапларға сай болып, өндиристеги зыянлы шығындыларды 99 процент зыянсызландырыў имканиятына ийе. Бундай үскенелер ҒМДА мәмлекетлери ишинде биринши мәрте усы заводқа орнатылмақта.
Және бир әҳмийетли тәрепи, завод электр энергиясын да өзи генерациялайды ҳәм район халқына жеткерип береди.
Мәмлекетимиз басшысы усы жерде геологиялық излеў ҳәм сейсмикалық изертлеў жумысларыныӊ жуўмақлары менен танысты. Инвесторлар, кәнди өзлестириўде қатнасып атырған қәниге ҳәм қурыўшылар менен сәўбетлести.
– Тийкарғы мақсет газди шийки зат ҳалында сатыў емес, оны қайта ислеп, қосымша баҳалы өнимлер алыў болыўы керек. Инвестиция тез ўақытларда өзин ақлап, завод бәсекиге шыдамлы болыўы ушын ақырғы өним сапалы ҳәм жоқары дәраматлы болыўына ерисиў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.
Бул бойынша қарар ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
Комплекс Байсын қаласынан 20 километр узақта жайласқан. Усы ҳақытта оныӊ қурылысында 7 мыӊнан аслам адам, арнаўлы техникалар ислемекте. Жойбардыӊ биринши басқышы келеси жыл май айында иске түсириледи, 2025-жылы толық қуўатқа шығады.
Завод мәмлекетимиздеги сегизинши газ-химия компекси, Сурхандәрьядағы еӊ ири санаат кәрханаларынан бири болады. Онда 1050 адам жоқары дәраматлы жумыс пенен тәмийинленеди.
– Байсынлылар өз районында сондай үлкен завод қурылғаны, мынлаған жаӊа жумыс орынлары пайда болғанын сезиўи керек. Енди бул компекс әтирапында түрлес тараўларды раўажландырыў керек, – деди Президент.
Усы жерде Байсын районында табылған және бир кән – жаныўшаӊ сланец кәнин өзлестириў жойбары презентация етилди. Оннан электр энергиясы, нефть ҳәм газ алыў имканиятлары ҳаққында мәлимлеме берилди.
ӨзА