Кеше Ханчжоу қаласында өткерилип атырған Азия ойынларында Өзбекстан спорт делегациясы ағзалары 3 алтын ҳәм 3 қола медальларын қолға киргизиўге миясар болды.

Атап айтатуғын болсақ, бокс бойынша сайланды команда ағзаларынан Ҳасанбой Дўсматов, Абдумалик Халоков ҳәм Баҳодир Жалоловлар финал беллесиўлеринде өз қарсыласларын жеңип шығып, Азия ойынларының чемпионы атағын жеңип алды.

Сондай-ақ, грек-рим гүреси бойынша белгили палўанымыз

Рустам Ассакалов қазақстанлы, ҳаял-қызлар гүреси бойынша Ақтеңге Кеўнимжаева ҳәм Лайлохон Собировалар ҳиндстанлы палўанларды жеңип, қола медалы ийесине айланды.

Ал, бүгин болса, ҳаял-қызлар гүреси бойынша Дилфуза Аимбетова -62 кг салмақта 1/8 финалда қубла кореялы палўанды жеңип шығып, шерек финалда арқа кореялы палўанға жеңилип қалды.

Соның менен бирге, және бир палўанымыз -76 кг салмақта Светлана Ақназарова қазақстанлы Жамила Бекбергеновадан жеңилип қалды.

5-октябрь күнги жарыслар жуўмағы бойынша Өзбекстан Республикасы спортшылары 19 алтын, 16 гүмис ҳәм 25 қола медальлары менен улыўма командалық есапта 5-орынды ийелеп келмекте.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы