Кеше Европаның бир қатар қалаларында футбол бойынша Европа чемпионлар лигасының 2-тур ойынлары болып өтти.

Олардың биринде Францияның «ПСЖ» клубы Англияға сапар етип, «Ньюкасл» командасы менен өз-ара ушырасыў өткерди.

Бул ойынның 17-минутында англиялы Альмирон есапты ашқан болса, 39-минутта Ден Берн арадағы есапты 2:0 ге жеткерди.

50-минутта Лонгстафф «Ньюкасл»дың усы ойындағы үшинши голын урыўға еристи.

Арадан алты минут өткеннен соң Лука Эрнандес есапты қысқартыўға еристи. Ушырасыўдың соңғы минутларында Шер «ПСЖ» дәрўазасына және бир гол урып, Англия клубының ири есаптағы жеңисине өз үлесин қосты. Есап 4:1 «Ньюкасл» пайдасына.

Сондай-ақ, бул турда сапарда ойнаған «Барселона» «Порту»ды 1:0, «Манчестер Сити» «Лейпциг»ти 3:1, «Лацио» «Селтик»ти 2:1, «Шахтёр» «Антверпен»ди 3:2 есабында жеңип шығыўға еристи.

Ал, «Боррусия Д» ҳәм «Милан» клублары арасындағы ойында есап ашылмады. Мадридтиң «Атлетико»сы бул турда Нидерландияның «Фейеноорд» клубын 3:2 есабында жеңип, 3 упайға ийе болды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы