28-сентябрь күни Ханчжоудағы Азия ойынларының бесинши күнинен орын алған жарыслар өз жуўмағына жетти.
Онда Өзбекстаннның спорт делегациясы 3 қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.
Атап айтатуғын болсақ, оқ атыў бойынша Владимир Свечников, таэквандошы Светлана Осипова, теннисши Ҳумоюн Султоновлар Азия ойынларының қола медалы ийесине айланды.
Сондай-ақ, бокс бойынша Олимпиада чемпионы Хасанбай Дўсматов өзиниң тийкарғы қарсыласларынан бири Сакен Бийбосыновты 4:1 есабында жеңип, шерек финальға жол алды.
Және бир боксшимиз Асадхўжа Мўйдинхўжаев -71 кг да филиппинлик боксшини 5:0 есабында утып, келеси басқышқа жолламаны қолға киргизди.
Ҳаял-қызлар бойынша сайланды команда ағзасы Райхана Қодирова да кеше қатарлы боксши Дана Ал Жаборни дәслепки раунда-ақ нокаутқа ушыратып, шерек финальға шықты.
Ал, 29-сентябрь күнги жарысларда болса, қылышласыў спортының сабля бағдарында қатнасып атырған Зайнаб Дайыбекова, Гүлистан Пердебаева ҳәм Паола Плиегодан ибарат сайланды командамыз ағзалары шерек финальда сингапурлы спортшылар менен ушырасты ҳәм оларды 45:32 есабында жеңип шығыўға еристи.
Енди ярым финальда қызларымыз Қытай сайланды командасы ағзаларына қарсы гүреске түседи.
Қызларымызға әўмет тилеп қаламыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы