Футбол бойынша Испания Ла Лигасының 7-турында «Реал» ҳәм «Лас-Палмас» командалары 27-сентябрь, сәршемби күни өз-ара ойнады.
Биринши бөлимниң соңында Браим Диас қарсылас команданың дәрўазасына гол урды. Екинши бөлимде де мадридлилер белсендиликти сақлап турды ҳәм және бир мәрте гол урды. Бул сапары Родриго өз қанатынан әжайып пасты әмелге асырды ҳәм Хоселу буны голға айландырды.
Қалған минутларда гол урылмады ҳәм мадрид командасы гезектеги жеңисти рәсмийлестирип, 18 упай менен 2-орынға көтерилип алды.
Ла Лига
7-тур ойыны
27-сентябрь, сәршемби
«Реал» – «Лас-Палмас» 2:0
Голлар: 1:0 – 45 Браим Диас, 2:0 – 54 Хоселу.
Қарақалпақстан хабар агентлиги