Ханчжоуда өткерилип атырған Азия ойынлары бүгин де қызғын даўам етпекте.

Қылышласыў спортының сабля бағдары бойынша беллесиўлерге кирискен Өзбекстан Республикасының ерлер командасы биринши басқышта Вьетнамды жеңип шығып, шерек финальда қытайлы спортшылар менен ушырасты ҳәм онда жеңилип қалды.

Сондай-ақ, бүгин Тимур Кападзе басшылығындағы футбол бойынша Өзбекстан сайланды командасы Ташкент ўақты менен саат  13:30да  1/8 финал ойынлары шеңберинде Индонезияға қарсы ойынға түседи.

Егер, сайланды командамыз бул ушырасыўда да жеңиске ериссе, шерек финальда Ҳиндстан  ҳәм Саудия Арабстаны ойынының жеңимпазына қарсы гүрес алып барады.

Ал, чемпионатта қатнасып атырған футбол бойынша Өзбекстан ҳаял-қызлар сайланды командасы өз топарындағы ең соңғы ойында Қытайға қарсы беллесиўге түседи.

Бул ойын Ташкент ўақты менен саат 16:30 да Ханчжоудағы «Линпинг» стадионында басланады.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы