Министрлер Кабинетиниӊ “Өзбекстан саламат турмыс тәризи ҳәм фитнес миллий ассоциациясын шөлкемлестириў ҳәм оныӊ жумысын жолға қойыў илажлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди.
Қарарда халық арасында саламат турмыс-тәризин беккемлеў ҳәм дурыс аўқатланыў принциплерин ен жайдырыў, бул тараўда жәмийетлик қадағалаўдыӊ нәтийжели механизмлерин енгизиў ҳәм фитнести ғалабала ен жайдырыў арқалы физикалық қәбилет ҳәм ҳәрекет активлигин арттырыў нәзерде тутылған.
Қарарда Өзбекстан саламат турмыс тәризи ҳәм фитнес миллий ассоциациясын маман, тереӊ теориялық билимге ийе, өз ўазыйпаларын нәтийжели ҳәм жуўапкершилик пенен орынлайтуғын кадрлар менен толтырыў, аймақлардағы бар фитнес дөгереклерин ҳәм клубларын хатлаўдан өткериў белгиленген.
Мәмлекетимиздиӊ аўыл, район, қала, ўәлаят орайларындағы фитнес инфраструктурасын раўажландырыў, олардыӊ электрон мағлыўматлар базасын қәлиплестириў келтирип өтилген.
ӨзА