Қытайда XIX Азия ойынларының басланыўы мүнәсибети менен қатнасыўшы мәмлекетлердиң байрақларын көтериў мәресими шөлкемлестирилди. Мәресимде Өзбекстан Республикасы жаслар сиясаты ҳәм спорт министри А.Икромов, Миллий олимпия комитети баслығының орынбасарлары Ш.Тошматов, С.Полатов жетекшилигиндеги елимиз спорт командасы қатнасты.

Қытай үлкен жарыслар, атап айтққанда Олимпиада ҳәм Азия ойынлары сыяқлы төрт жыллықтың ең абырайлы турнирлерин өткерген ҳәм тәбийғый түрде, жоқары дәрежедеги шөлкемлестириўлик мәселесинде халықаралық көлемде тән алыған. Азия ойынларына таярлық көриў бағдарында да жақсы мийнет етилгени қаланың босағасынан-ақ көзге тасланды. Ханчжоу спорт байрамының нәпеси менен жасамақта.











Төрт жыллықтың ең абырайлы спорт жарысы болған «киши олимпиада» ойынларының байрақ көтериў мәресиминде елимиздиң спортшы жаслары кеўилине үлкен жеңислер кейпиятын бағышлаў тымсалы болған Өзбекстан байрағы Ханчжоу бойлап мақтанышлы түрде желбиреди.

40 спорт түриниң 61 бағдарында өтетуғын жарыслардың ҳәр тәреплеме жоқары дәрежеде өтиўи, жарыслардың спорт нызам-қағыйдалары тийкарында шөлкемлестирилиўи ушын халықаралық спорт шөлкемлери, континент спорт федерациялары, Азия олимпиада кеңеси тәрепинен жүзлеген төрешилер, спорт түрлери жуўапкерлери, шыпакерлер, экспертлер топары жарысларды басқарып барыўда, техникалық тәреплерин қадағалаўға тартылған.

Итибарлы тәрепи, Азия олимпиада кеңеси, «Ханчжоу-2022» шөлкемлестириў комитети сондай-ақ, халықаралық спорт шөлкемлериниң қарарына тийкарланып 40 спорт түриниң бир нешесинде өзбекстанлы 25 тәжирийбели төрешилер, спорт қәнигелери да жумыс алып баратуғыны белгиленген.

Азия ойынларының аўыр атлетика жарысларын өткериў комитетиниң баслығы етип Өзбекстан Жаслар сиясаты ҳәм спорт министриниң орынбасары, мәмлекетимиз аўыр атлетика федерациясы баслығының орынбасары Шаҳрулло Маҳмудов, көркем гимнастика жарысларын өткериў комитетине Өзбекстан гимнастика федерациясы баслығының орынбасары Гўзал Мўминова басшы сыпатында жумыс алып барыўы мәмлекетимиздиң халықаралық спортта абырай-мәртебеси жылдан-жылға жоқарылап атырғанынан дәрек береди.

Сондай-ақ, «Ханчжоу-2022» медальлары ушын беллесиўлер болып өтетуғын спорт гүреслеринде Ғайратилло Абдуллаев  ҳәм Тўймурод Азизов, таэквондода Димитрий Ким, дзюдода Рамзиддин Саидов, кылышласыўда Дилором Турдиқулова, жеңил атлетикада Андрей Абдувалиев, гимнастикаде Равшанбек Мирзаев, Стелла Кашекина, Тимур Абдувалиев, байдарка ҳәм каноэда Исмоил Эгамбердиев, теннисте Александр Багдасаров, Руслан Турсунов, Дмитрий Дуранидис, Евгения Ведушина, ушуда Дилшод Бозоров, каратэда Азиз Бўриев, гүресте Иброҳим Каримов, Манзура Турсунова, Нөкисбай Данияров, шахматта Ҳасан Турдиалиев, аўыр атлетикада Акром Низомиддинов, Зуҳра Абдуллаева, синхрон жүзиўде Алина Пионтовская, Элмира Файзуллаева, суўға секириўде Бабур Ҳасанов төреши сыпатында беллесиўлерди басқарып барады.

Тўлқин РЎЗИЕВ,
ӨзАның хабаршысы