Қытайдыӊ Ханчжоу қаласында XIX Азия ойынлары болып өтетуғынлығы ҳаққында хабар берген едик. Бул үлкен спорт илажыныӊ ашылыў мәресими 23-сентябрь сәнесине белгиленген болса да, айырым спорт түрлери бойынша беллесиўлер басланды.

Атап айтқанда, Азия ойынларыныӊ Академиялық ескек есиў ҳәм Заманагөй бесгүрес бойынша беллесиўлер 20-сентябрь күни ерте таӊнан старт алды. Онда Өзбекстан милий командалары да қатнасып атыр.

Ўәкиллеримиз күн даўамында төмендеги спорт түрлери бойынша беллесиўлерге кириседи:

Академиялық ескек есиў, жеӊил салмақлы ҳаял-қызлар:

Луизахон Исломова, Малика Тагматова, (06:00).

Академиялық ескек есиў, жеӊил салмақлы ер адамлар:

Шаҳзод Нурматов, Собиржон Сафаролиев, (06:30).

Заманагөй бесгүрес (қылышласыў), ҳаял-қызлар арасында индивидуал бағдар, сайлап алыў:

Самира Абзалова, Алисе Фахрутдинова, (07:00).

Академиялық ескек есиў, ер адамлар:

Шаҳбоз Ҳолмурзаев, Меҳрожбек Маматқулов, (07:10).

Академиялық ескек есиў, ер адамлар, жуплық:

Шеҳроз Ҳакимов, Дилшоджон Худойбердиев, (07:40).

Академиялық ескек есиў, ер адамлар, сегиз адамлық беллесиўлер:

Анатолий Краснов, Ўктамжон Давронов, Шуҳрат Шодиев, Фазлиддин Каримов, Зафар Усмонов, Алишер Турдиев, Давржон Давронов, Евгений Агафонов, Фарруҳ Облақулов, (07:50).

Заманагөй бесгүрес (қылышласыў), ер адамлар арасында индивидуал бағдар, сайлап алыў:

Дониёр Раҳимов, Садриддин Қобилжонов, (11:30).

Академиялық ескек есиў, ҳаял-қызлар, жеке түрде:

Анна Пракатен, (12:00).

Академиялық ескек есиў, ер адамлар, төрт адамлық беллесиўлер:

Шеҳроз Ҳакимов, Дилшоджон Худойбердиев, Давржон Давронов, Алишер Турдиев, (13:20).

Академиялық ескек есиў, ер адамлар, төртеўлик қайық:

Шаҳзод Нурматов, Шаҳбоз Холмурзаев, Меҳрожбек Маматқулов, Собиржон Сафаролиев, (13:40).

Бул беллесиўлерде спортшыларымызға әўмет тилеймиз.

ӨзА