Муҳаммед ал Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университетиниң Нөкис филиалы 2023-жылдың 31-июль сәнесинен баслап «Кибернетикада инновациялар IT-парки» (Cyber park) ниң Қарақалпақстан Республикасындағы дәслепки резидентине айланды.
Оның усы “Cyber park” резидентине айланыўы филиал ушын көплеген имканиятлар есигин ашпақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли қарар ҳәм пәрманларына муўапық “Cyber park” резидентлери 2028-жылдың 1-январына шекем барлық түрдеги салықлар ҳәм мәмлекетлик мақсетли фондларға мәжбүрий төлемлерден, соның менен бирге, бирден-бир социаллық төлемди төлеўден, республикамызда ислеп шығарылмайтуғын, өз талапларына бола алып кирилип атырған әсбап-үскенелер, аўысық бөлеклер, агрегатлар, технологиялық ҳүжжетлер, программалық тәмийнат ушын белгиленген тәртипте тастыйықланған дизим бойынша бажыхана төлемлерин төлеўден азат етиледи.
Сондай-ақ, резидент пенен дүзилген мийнет шәртнамаларына муўапық, хызметкерлердиң 2028-жылдың 1-январына шекемги алған мийнет ҳақысы көринисиндеги дәраматлары, физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығының бирден-бир ставкасы бойынша 7,5 процент етип белгиленеди.
Ҳәзирги ўақытта жоқарыда санап өтилген имканиятлардан филиалдың пайдаланыўы ушын тийисли тәртипте ҳүжжетлестириў жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги