Аргентинада өткерилип атырған футбол бойынша жаслар арасындағы жәҳән чемпионатында ярым финал ойынлары болып өтти.

Олардың биринде Уругвай жаслар сайланды командасы Өзбекстан жасларын чемпионаттан шығарып жиберген Израил менен ушырасып, онда 1:0 есабында жеңиске еристи.

Ал, Италия ҳәм Қубла Корея сайланды командалары арасындағы ойында болса, италиялы жаслар 2:1 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Атап айтатуғын болсақ, ушырасыўдың 14-минутында италиялы

Казадеи есапты ашқан болса, 23-минутта Лии пенальтиден гол урып ойындағы есапты теңлестириўге еристи.

Ушырасыўдың 86-минутында Пафунди тәрепинен Қубла Корея дәрўазасына жолланған гол, Италияны финалға алып шықты.

Солай етип, Италия жаслар сайланды командасы финалда жәҳән чемпионатының алтын медалы ушын уругвайлы жаслар менен ушырасатуғын болды.

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги жетекши шолыўшысы