Мәмлекетимизде мүддетинен бурын болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына қызғын таярлық көриў жумыслары алып барылмақта.

Усы жыл 1-июнь күни Өзбекстан Халық демократиялық партиясы ҳәм Өзбекстан Экологиялық партиясы Орайлық сайлаў комиссиясына Өзбекстан Республикасы Президентлигине көрсетилген талабанларды дизимге алыўды сорап мүрәжат етти. Сондай-ақ, талабанларды дизимге алыўды сорап мүрәжат етти. Сондай-ақ, талабанларды қоллап-қуўатлайтуғын қолтаңба қағазларын усынды.

Орайлық сайлаў комиссиясының жумысшы топары ҳәм эксперт топарлары нызамшылық талапларынан келип шығып, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы ҳәм Өзбестан Экологиялық партиясы тәрепинен усынылған барлық ҳүжжетлерди тексерип шығады.

Ҳүжжетлер, соның ишинде, талабанларды қоллап-қуўатлайтуғын қолтаңба қағазлары нызамшылық талапларына муўапық болса, Орайлық сайлаў комиссиясы сиясий партиялар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентлигине көрсетилген талабанларды дизимге алыў ҳаққында қарар қабыл етеди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы