Өзбекстан Республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
Елимизде халыққа, биринши гезекте, аўыллық жерлерде мүнәсип турақ жай шараятларын жаратыўға қаратылған кең көлемли мәмлекетлик бағдарламалар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, 2009-2017-жыллар даўамында 81 992 жай қурылды, 6 624 турақ жай массиви қурылды, зәрүр инженерлик-коммуникация инфраструктураларының өткерилиўи тәмийинленди. 2016-жылдан аўыл халқы ушын жаңаланған үлгидеги жойбарлар бойынша арзан турақ жайлардың қурылыўын нәзерде тутатуғын сапа жағынан жаңа мәмлекетлик бағдарлама әмелге асырылмақта. 2017-жылдың өзинде аўыллық жерлерде 18 мыңнан аслам қолайлы шараятқа ийе болған жайлар қурылды.
Сондай-ақ, пуқаралардың нызамшылықта мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықы тийкарында ажыратылған жер участкаларында жеке тәртипте турақ жай қурыў ҳуқықы кепилленген.
Соның менен бирге, жер дүзиў ҳәм кадастр уйымлары тәрепинен өткерилген республикалық көшпес мүлк фондының жалпы хатлаўы жеке тәртипте турақ жай қурыў тараўында, әсиресе, аўыллық жерлерде нызамшылықты тәмийинлеў мәселелеринде системалы қәтелерге ҳәм үлкен кемшиликлерге жол қойылғанын көрсетти.
Атап айтқанда, турақ жайға ийе болыўдың ҳәм қурыўдың нызамлы механизмлериниң бар болыўына қарамастан мыңлаған пуқаралар көп жыллар даўамында өз билдигинше алынған жер участкаларында жеке тәртипте турақ жайларды нызамсыз қурған.
Бундай жағдайлардың жүз бериўине мәмлекетлик уйымлар, бәринен бурын, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият, соның ишинде, жер кадастры, архитектура ҳәм қурылыс тараўындағы ўәкилликли уйымлардың бийпарўалығы себеп болды.
Пуқараларға жер участкаларын турақ жай қурыў ушын белгили бир төлем есабынан нызамсыз бериў бойынша фермер ҳәм дийқан хожалықларының тил бириктириўи бойынша көплеген жағдайлар бар.
Нәтийжеде бул машқала пүткил республика бойынша ғалаба ен жайды ҳәм турақ жай ушын зәрүр ҳүжжетлердиң жоқлығы халықта басқа да социаллық машқалалардың келип шығыўына, атап айтқанда, ҳақыйқатында жасап турған орынға прописка етилиўи, мүлк ҳуқықына ийе болыўы ҳәм оны әмелге асырыў имканиятының жоқлығына алып келди.
Пуқаралардың турақ жай мүлкине кадастр ҳүжжетлерин бериўди сорап Өзбекстан Республикасы Президентиниң Виртуал қабыллаўханасына 5 мыңнан аслам, депутатлар, сенаторлар, мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының лаўазымлы шахслары тәрепинен өткерилген көшпели қабыллаўларда 3 мыңнан аслам мүрәжатлар келип түскен.
Турақ жайға тийисли ҳуқықлардың әмелге асырылыўын ҳәм халықты социаллық қоллап-қуўатлаў ушын қолайлы шараятларды жаратыў, жер участкаларынан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў, сондай-ақ, пуқараларға тийисли болған турақ жайларды мәмлекетлик дизимнен өткериўде көмеклесиў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитетиниң пуқаралардың өз билдигинше ийелеп алынған жер участкаларын ямаса имарат қурыў ушын руқсатнама алмастан қурылған турақ жайларға байланыслы мүлк ҳуқықын тән алыў бойынша бир мәртелик улыўма мәмлекетлик акцияны (кейинги орынларда бир мәртелик акция деп аталады) жәриялаў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- 2019-жыл 1-майға шекем:
а) усы Пәрман қабыл етилген ўақытқа шекем қурылыс мақсетлери ушын ажыратылмаған жер участкаларында ямаса имарат қурыў ушын руқсатнама алмай қурылған турақ жайға (кейинги орынларда өз билдигинше қурылған имарат деп аталады) байланыслы мүлк ҳуқықы усы объектке өзиниң жеке мүлки сыяқлы ҳадал, ашық-айдын ҳәм үзликсиз ийелик ететуғын шахсқа төмендеги шәртлер тийкарында:
усы жер участкасы (участканың бир бөлеги) оған нызам ҳүжжетлерине муўапық турақ жай қурыў ушын ажыратылыўы мүмкин болмаған жер майданында жайласпаған болса;
өз билдигинше қурылған имарат қала қурылысы нормалары ҳәм қағыйдалары талапларын бузбай атырған болса, сондай-ақ, оның сақланып қалыныўы басқа шахслардың ҳуқықларын ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузбаса ямаса пуқаралардың өмирине және денсаўлығына қәўип туўдырмаса тән алынады. Өз билдигинше қурылған имаратқа байланыслы мүлк ҳуқықы тән алынбайтуғын анық жағдайлар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғыны;
б) өз билдигинше қурылған имаратқа байланыслы мүлк ҳуқықы:
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарына тийкарланып шөлкемлестирилетуғын Көшпес мүлкке байланыслы ҳуқықты тән алыў жумысларын шөлкемлестириў бойынша комиссияның усынысына бола район (қала) ҳәкиминиң қарары менен;
улыўма мүлк ҳуқықы ҳаққындағы пуқаралық ҳәм шаңарақ ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң қағыйдаларына әмел етиў шәрти менен;
ең кем мийнет ҳақының бес есеси муғдарында бир мәртелик жыйым төленгеннен кейин әмелге асырылатуғыны;
в) Өз билдигинше қурылған имаратқа байланыслы мүлк ҳуқықын тән алыўда мүлк ийесине ол қурылған жер участкасына (участканың бир бөлимине) нызам ҳүжжетлеринде белгиленген нормалар шеңберинде мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик ететуғын ҳуқықы берилип, артықша бөлеги Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 121-статьясында нәзерде тутылған жәрийма салынбай резерв жерлерине алып қойылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте усы Пәрманның орынланыўын шөлкемлестириў бойынша қарар қабыл етсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды бир мәртелик акцияның әмел етиў мүддети тамам болғанға шекем;
судларға өз билдигинше қурылған имаратларды бузып таслаў бойынша даўа киргизиўдиң тоқтатып турылыўын, нызам ҳүжжетлерине тийкарланып турақ жай қурыў ушын ажыратылыўы мүмкин болмаған жер майданында жайласқан жер участкасында (участканың бир бөлиминде) қурылған объектлер буған кирмейди;
судлардың турақ жай сыпатында пайдаланып атырған өз билдигинше қурылған имаратларды бузып таслаў ҳаққындағы көрип шығылып атырған даўалар және орынланбаған қарарлары бойынша белгиленген тәртипте келисим шәртнамалары дүзилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы орынларда көшпес мүлкке байланыслы ҳуқықты тән алыў жумысларын шөлкемлестириў бойынша комиссия жумысында нызамлылықтың тәмийинлениўи үстинен қатаң қадағалаў орнатсын.
- Өз билдигинше қурылған имаратларға байланыслы мүлк ҳуқықын тән алыў бойынша бир мәртелик характерге ийе және усы Пәрманның 2-бәнтинде көрсетилген мүддеттен кешиктирмей әмелге асырылатуғыны;
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, басқа да ўәкилликли уйымлардың лаўазымлы шахслары кейинала өз билдигинше қурылған имаратларға жол қойғаны ушын жеке жуўапкер болып есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги еки ай мүддетте:
бир мәртелик акцияның әмел етиў мүддети тамамланғаннан кейин өз билдигинше қурылған имаратларға байланыслы мүлк ҳуқықын тән алыў мүмкинлиги ҳаққындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлери нормаларын бийкар етиўди;
өз билдигинше қурылған имаратлар ушын жуўапкершиликти күшейтиўди нәзерде тутатуғын усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери усы Пәрманның мазмун-мәниси ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендириўин шөлкемлестирсин.
- Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети Әдиллик министрлиги ҳәм Қурылыс министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Мурадовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 20-апрель