Елимиздиң барлық аймақларында болғаны сыяқлы Беруний районында да спортты, соның ишинде, футболды раўажландырыўға үлкен итибар қаратылып келинбекте.

Усы мақсетте районда футбол ҳәм мини-футбол бойынша «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Баслығының кубоги» ушын жарыс өткерилди.

Оған районның барлық аймақларынан командалар қатнасты.

Жарыс жуўмағында футбол бойынша 1-орынды  Шимом аўыл пуқаралар жыйыны командасы ийелеген болса, 2-3-орынларды Мустақиллик ҳәм Әмир Темур МПЖ жаслары ийелеўге миясар болды.

Мини-футбол бойынша өткерилген жарысларда  ерлер арасында 1-орынды Дослық АПЖ командасы ийелеген болса, 2-3-орынлар ИБН-Сино МПЖ ҳәм Беруний АПЖ жасларына несип етти.

Қызлар арасындағы жарыста болса, Тынышлық АПЖ жаслары барлық қарсыласларын жеңип шығыўға еристи. 2-3-орынларды болса, Сарайкөл ҳәм Мустақиллик елатының қызлары ийелеўге миясар болды.

Жарыс соңында жеңимпаз командалар ҳәм онда жақсы ойын көрсеткен шебер футболшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип түрде сыйлықланды.








Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы