20 жасқа шекемги жаслар арасында футбол бойынша жәҳән чемпионатындағы дәслепки ойынын Өзбекстан жаслар сайланды командасы майдан ийелерине қарсы ойын менен баслады.
Сантьяго-дель-Эстерода да болып өткен ойынның 1-таймының 23-минутында Өзбекстан сайланды командасының ярым қорғаўшысы Маҳмуджон Махамаджонов жәрийма майданында өзине узатылған топты дәрўазаманның жақын мүйешине жоллап есапты ашқан болса, 27-минутта аргентиналылар арадағы парықты жоққа шығарды.
Ал, 41-минутта майдан ийелериниң ярым қорғаўшысы Валентин Карбони Өзбекстан сайланды командасы дәрўазасына күшли соққы жоллап, оны голға айландырыўға еристи.
Ушырасыўдың 2-таймында болса, командалар гол урыўға қаншелли ҳәрекет еткени менен есапты өзгерте алмады ҳәм Аргентина 3 упай топлаўға миясар болды.
Усы топардың екинши ойынында Жаңа Зеландия Гватемаланы 1:0 есабында жеңип шығыўға еристи.
Топардағы 2-тур ойынлары 23-май күни болып өтеди ҳәм онда Өзбекстан Жаңа Зеландия, Аргентина-Гватемала сайланды командалары өз-ара ушырасады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы