Кеше Ташкент қаласында өткерилип атырған жәҳән чемпионатының төртинши күнинде Өзбекстан сайланды командасының 4 ағзасы рингке шығып, жеңиске еристи.
Атап айтатуғын болсақ, 63,5 кг салмақта қатнасып атырған Руслан Абдуллаев 1/16 финалда испаниялы Оер Ибарречени 1-раунд-ақ жеңилиске ушыратқан болса, 48 кгда Шодиёржан Мелиқўзиев непаллы Рабин Тапаны, +92 кг да Олимпиада чемпионы Баҳодир Жалолов бахрейнли Данис Латиповты жеңип шығыўға еристи.
Ал, жәҳән чемпионатында 51 кг салмақта қатнасып атырған 1/32 финалда Ҳасанбой Дўсматов Альберто Хименести жеңип, келеси басқышқа жолламаны қолға киргизди.
Солай етип, чемпионатта өткерилген 4 күнлик беллесиўлерден соң Өзбекстан ҳәм Куба сайланды командалары ағзалары ҳеш бир жеңилиске ушырамай келеси басқышларға қарай исенимли қәдем тасламақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы