Кеше Ташкент қаласында өткерилип атырған жәҳән чемпионатының төртинши күнинде Өзбекстан сайланды командасының  4 ағзасы рингке шығып,  жеңиске еристи.

Атап айтатуғын болсақ,  63,5 кг салмақта қатнасып атырған Руслан Абдуллаев  1/16 финалда испаниялы Оер Ибарречени 1-раунд-ақ жеңилиске ушыратқан болса, 48 кгда  Шодиёржан Мелиқўзиев непаллы  Рабин Тапаны, +92 кг да Олимпиада чемпионы Баҳодир Жалолов бахрейнли Данис Латиповты жеңип шығыўға еристи.

Ал, жәҳән чемпионатында  51 кг салмақта қатнасып атырған 1/32 финалда Ҳасанбой Дўсматов Альберто Хименести жеңип, келеси басқышқа жолламаны қолға киргизди.

Солай етип, чемпионатта өткерилген 4 күнлик беллесиўлерден соң Өзбекстан ҳәм Куба сайланды командалары ағзалары ҳеш бир жеңилиске ушырамай келеси басқышларға қарай исенимли қәдем тасламақта.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы