Экономика ҳәм қаржы министри Шерзод Кудбиев Азия раўажланыў банкиниң Өзбекстандағы турақлы және ўәкилханасы басшысы Энрико Пинали ҳәм банк ўәкиллери менен ушырасты
Илажда Экономика ҳәм қаржы министриниң орынбасары Илхом Норқулов, мәмлекетлик қарызы департаменти директорының орынбасары Зарифжон Алимжонов, мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў ҳәм мәмлекет функцияларын азайтыў департаменти директорының орынбасары Зокир Базаров, сырт еллер ҳәм халық аралық шөлкемлер менен бирге ислесиў, халық аралық рейтинглер менен ислеў департаменти директорының орынбасары Шухрат Маткаримов, жәҳән саўда шөлкеми менен бирге ислесиў бөлими баслығы Лолита Эргашева ҳәм де мийманлар тәрепинен АРб бас экономисти Бегзод Жалилов, мәмлекетлик басқарыў бойынша экономисти Чиғдем Акин, жеке меншик секторды раўажландырыў бойынша бас қәниге Адҳам Қошқаровлар қатнасты. Ушырасыўда Азия раўажланыў банки менен биргеликте әмелге асырылып атырған ҳәм келешектеги жойбарлар, бюджетти қоллап-қуўатлаўға қаратылғанбағдарламалардың орынланыўы, бирге ислесиўдиң үстин туратуғын бағдарлары додаланды. Атап айтқанда, АРБның Өзбекстан менен 2024-2028-жылларға мөлшерленген шериклик Стратегиясы және оның тийкарғы стратегиялық бирге ислесиў бағдарлары, 2023-2024-жылларда АРБ қатнасыўында әмелге асырылатуғын келешектеги жойбарлар ҳәм экономиканың түрли тармақларын раўажландырыў, жеке меншик сектор активин және де жанландырыў, ипотека базарына ажыратылып атырған қаржыларды және де көбейтиў мәселелери бойынша пикир алысылды. Соның менен бирге, ушырасыўда бирге ислесиўди және де раўажландырыў, мәмлекетимизде қайта тикленетуғын энергия дәреклерин раўажландырыў, экономикалық нәтийжелилиликке ерисиў мәселелери бойынша шәртлесиўге ерисилди.
Гулхатиша Уразбаева,
ҚМУ Интернет журналистикасы студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги