Д витамини сүйеклер, булшық етлер, тислер ҳәм ҳәттеки иммун системасы ушын жүдә зәрүрли. Егер организм бул витаминди жеткиликли муғдарда қабылламаса , ден саўлық пенен байланыслы машқалалар пайда болыўы мумкин.
Булшық еттеги аўырыў ҳәм ҳәлсизлик-Д витамини булшық еттиң дурыс ислеўине жәрдем береди, оның жетиспеўшилиги болса аўырыў ҳәм ҳәлсизликти келтирип шығарады..
Бас аўырыўы ҳәм айланыўы – Д витамини жетиспеўшилиги қан басымының төменлеўине алып келеди. Көпшилик бул кеселликти ўақтында сезбеўи ақыбетинде жүрек қан-тамыр менен байланыслы машқалалар пайда болады.
Тез-тез кесел болыў – грипп ҳәм тымаў менен тез-тез кеселленсеңиз, бул иммун системасының төменлегенин аңлатады .
Көп терлеў- Егер сиз ҳеш қандай себепсиз ҳәдден тыс көп терлейтуғын болсаңыз, оның себеплериниң бири Д витамини жетиспеўшилииги болып табылады.
Хамре Қдырбаева,
ҚМУдың Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги