Мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң оқыў курсларында жаслардың информация технологиялары тараўында оқыўы ушын тәлим кредитин ажыратыў системасы жолға қойылған.
Oнда тәлим кредитлери:
Орайлық банктиң тийкарғы ставкасында;
БЕМниң 65 есесине шекем 1 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 4 жыл мүддетке ажыратылады ;
Кредит алыўшының турақлы дәрамат дәрегине ийе болған шаңарақ ағзалары ҳәм басқа үшинши шахслар биргеликте қарыз алыўшы ретинде қатнасыўына рухсат етиледи;
“Социаллық қорғаўдиӊ бирден-бир реестри”не кирген шаңарақлардыӊ перзентлери ушын тәлим кредити алыўда гиреў ҳәм кепил адам талап етилмейди.
Бийбиназ Сарсенбаева,
ҚМУдыӊ Интернет журналистика тәлим
бағдарыныӊ 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги