Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтының дүньяның раўажланған еллериниң жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў институтлары ҳәм шөлкемлери менен илим, билим ҳәм өндирис тараўларындағы бирге ислесиўлери жақсы жолға қойылған болып, солардың қатарында, Японияның OISCA шөлкеми менен де шериклик шәртнама дүзилген.
Усы шәртнама тийкарында 6-7-апрель күнлери «Батыс Өзбекстандағы шөллерди көклемзарластырыў, терек егиў ҳәм дәрилик өсимликлерди жетистириў арқалы турмыс дәрежесин жақсылаў» жойбары тийкарында Арал теңизиниң қурыған ултанында ҳәр қыйлы шорға және суўсызлыққа шыдамлы өсимликлерди егиў илажлары алып барылды.
Бул илажларда Японияның OISCA шөлкеминиң экспертлери Тогаши Сатоши, Аояма Юна ҳәм институттың илмий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры Б.Жоллыбеков, Халықаралық бирге ислесиў бөлиминиң қәнигеси Т.Буранбаев ҳәм институттың доктарантура басқышы студентлери қатнасты.
– Атап айтқанда, жойбар шеңберинде Арал теңизиниң қурыған ултанына Япония ҳәм Францияда ислеп шығарылған гидрогел өними, Саўдия Арабстанынан алып келинген дисциклис өсимлиги және жергиликли жийде сортлары егилди,-дейди Б.Жоллыбеков.
«Жасыл мәкан» илажлары шеңберинде институттың сыртқы бөлими, тоғайшылық қәнигелигиниң 3-курс студентлериниң қатнасыўында Арал теңизиниң қурыған ултанында ҳәр қыйлы шорға және суўсызлыққа шыдамлы өсимликлерди егиў бойынша акция да шөлкемлестирилди.
Акцияға ҳәр бир студент белсене қатнасып, сексеўил ҳәм басқа да өсимликлерди отырғызып, өзлериниң үлесин қосыўға ҳәрекет етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги