Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында белгили фольклортаныўшы илимпаз, филология илимлериниң докторы, профессор Қаллы Айымбетовтың туўылғанына 115 жыл толыўына арналған «Миллийликти қәстерлеў жолында» атамасындағы еслеў кешеси болып өтти.

Илаж институттың мектепке шекемги тәлим факультети тәрепинен шөлкемлестирилип, оған илимпаздың шаңарақ ағзалары, перзентлери, ақлықлары, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер қатнасты.

Кешеде филология илимлери бойынша философия докторы, доцент Қ.Мәмбетов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, шайыр Ж.Өтениязов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Қ.Айымбетовтың өмири ҳәм дөретиўшилиги, илимий-изертлеў жумыслары ҳаққында мағлыўматлар берилди.



Атап өтилгениндей, Қ.Айымбетов мектепте оқып жүрген балалық дәўиринен баслап-ақ, халық ертеклери, қыссалары ҳәм дәстанларына оғада қызықты. Абубакир Диваев тәрепинен жазып алынған «Алпамыс», «Қыз Жибек», «Қоблан» сыяқлы дәстанлар, улыўма халық аўызеки дөретпелериндеги ўақыя болажақ фольклортаныўшының қәлбинен терең орын ийеледи.

Мектепти питкергеннен соң Төрткүл қаласындағы педагогикалық техникумның таярлық бөлимине оқыўға кирип, бул жерде драмалық дөгеректиң баслығы, «Таң нуры» труппасының суфлёры, жаслар шөлкеминиң бюро ағзасы, «Қызыл муғаллим» қолжазба журналының хаткери, республикалық сиясий-ағартыў бөлиминде саўатсызлықты сапластырыў бойынша инспектор практикант, «Еркин Қарақалпақстан» газетасының жуўаплы хаткери сыяқлы жуўапкерли ўазыйпаларды атқарды.

Бул жердеги оқыўын питкергеннен соң мектеплер ушын миллий тилдеги туңғыш сабақлықларды дүзиў жумысларына белсене қатнасты. Атап айтқанда, С.Мәжитов ҳәм Қ.Әўезовлар менен биргеликте «Әлипбе», «Қарақалпақ тил сабағы», «Тил таныў китабы», В.Ералиев пенен бирге «Егеделер саўаты», Алым Самай улы менен биргеликте «Есап» сабақлықларын дүзип баспадан шығарыўға еристи. Жыйналған аўызеки дөретпелерди системаға түсирди ҳәм оларды классификациялап шықты.

Ол көп ғана фольклорлық мәдений мийрасларды ядында сақлаў уқыбына ийе болды. Әсиресе, нақыл-мақал, толғаў, аңыз, күлдирги сөзлер, анекдотлар сүйикли жанрлары еди.

1929-жылы Қаллы Айымбетов Генжебай Убайдуллаев пенен биргеликте араб имласынан латын имласына өтиў бойынша қарақалпақ тили орфографиясының жойбарын дүзип шықты.

Дүнья жүзи классиклериниң шығармаларын қарақалпақ тилине аўдарыў ислерине де үлес қосқан. Ол халық аўзынан жазып алынған «Алпамыс» ҳәм «Едиге» дәстанларын 1937-жылы Москва қаласында аспирантурада оқып жүрген дәўирлеринде баспадан шығарыўға ериседи. Екинши жер жүзилик урыстың басланыўы менен көплеген жаслар қатарында Ўатанды қорғаўға қатнасты ҳәм урыстан келгеннен соң және қарақалпақ әдебиятын изертлеўге киристи.

1957-жылы «Қарақалпақ совет драматургиясының тарийхынан очерклер» деген атамада кандидатлық диссертациясын табыслы қорғады. Сол жылы Ташкент қаласында өткерилген қарақалпақ көркем өнери ҳәм әдебиятының декадасына байланыслы усы тараўдағы мийнетлери мүнәсип баҳаланып, оған «Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери» атағы берилди. Сондай-ақ, оның қарақалпақ филологиясының пайда болыўынан ХХ әсирдиң 30-50-жылларына шекемги дәўирин изертлеў ҳәм раўажландырыўға қосқан үлеслерин есапқа алып, 1958-жылы «Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен илим ғайраткери» атағы берилди.

1965-жылы «Қарақалпақ халық жыраў-бақсылары» атамасындағы докторлық диссертациясын табыслы қорғап, халқымыздың мәденият тарийхында үлкен орын тутатуғын бақсы-жыраўлардың өмири, репертуарларын изертлеўге арналған бул мийнети «Халық даналығы» атамасында китап болып баспадан шықты. Бул дөретпе қарақалпақ әдебиятын дәўирлерге бөлиў, қарақалпақ бақсы-жыраўлары, қыссаханларының шежире кестесин ислеп шығыўы менен илимий жаңалық сыпатында қабыл етилди.

Қаллы Айымбетов «Қыйлы-қыйлы қылўалар», «Жүйели сөзлер» сыяқлы юморлық шығармалардың да авторы болып табылады.

Еслеў кешесинде илимпаздың өмири ҳәм дөретиўшилигине арналған ҳүжжетли фильм, сондай-ақ, институт студентлериниң атқарыўындағы сахналық көринислер ҳәм концерт бағдарламасы қойып берилди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги